АЎЫР АЙРЫЛЫҚ

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усмонхан Темирхан улы Алимов ҳәзиретлери аўыр наўқаслықтан кейин қайтыс болды.

Аллаҳ таала Муфтий ҳәзиретимизди Өз мағфиратына алсын, ийманларын саламат етсин, солиҳ әмеллерин өзине жолдас етсин. Ақыретин абат етип, орнын Фирдаўс жәннетлеринен қылсын!

Аллаҳ таала Муфтий ҳәзиретлериниң шаңарағына, ағайин-туўысқанларына, жақынларына сабыр берсин.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Хожели районы «Пирим ийшан баба» жаме мешити жәмәәти муфтий ҳәзиретимиздиң шаңарағына, жақынларына кеўил билдиреди.

About The Author

Жоқарыға