Тѳрткүл районындағы “Ғайып ата” мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Хошхабар: Тѳрткүл районындағы “Ғайып ата” мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Турткул районы “Кўна Тўрткўл” аўыл пуқаралары жыйынындағы “Ғайып ата” мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мǝресими болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов, Тѳрткүл районы ҳǝкимияты ўǝкили Х.Матназаров, Тѳрткүл районы мешитлериниң имам-хатиблери, нураний атаханлар, “Кўна Тўрткўл” аўыл пуқаралары жыйыны турғынлары қатнасты.

Мǝресимде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Сапарбаев бүгинги күнде елимизде муқǝддес қадемжайлардың, мешитлердиң ҳǝм диний билим бериў орынларына, сондай-ақ, миллий ҳǝм диний қǝдириятларымызды қайта тиклеўде бир қанша итибар қаратылып атырғаны ҳаққында айтты. Сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыят қазысы Шамсуддин Бауатдинов журтымыздағы диний тараўдағы ǝмелге асырылып атырған реформалар, унамлы ѳзгерислер ҳаққында айтып, мешит қурылысына кѳмек берген барлық инсанларға, қурылысшыларға ѳзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Мағлыўмат ушын, “Ғайып ата” жоме мешитиниң ески имараты 1982-83-жыллары ылайдан кѳмек жолы менен қурылған. Имараттың тозыўы жетип, авария жағдайына келип қалған еди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, жергиликли ҳǝкимият ҳǝм тийисли шѳлкемлердиң рухсаты менен мешиттиң юридикалық мǝнзили ѳзгермеген ҳалда, жаңа имаратын қурыў жумыслары баслап жиберилди. Аймақ халқы, жергиликли исбилерменлер ҳǝм район ҳǝкимиятының жǝрдеми менен усы мешиттиң жаңа имараты бир жыл ишинде қурып питкерилди. Мешит 2 намазхана, хызметкерлер ханасына ийе ҳǝм бир ўақыттың ѳзинде 500 намазханды ѳз баўырына сыйдыра алады.

Мешитлерди абаданластырыў таат-ибадатлар менен ҳǝм де сол мешитлерди жақсылап қурып, қайта оңлап, пǝк сақлаў менен болады.
Қураны кǝриймде: (Ол шыра) Аллаҳ олардың көтерилиўине (қурылыўына) ҳәм оларда Өзиниң атының зикир қылыныўына руқсат берген үй (мешит)лерде. Ол жер (мешитлер)де азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтатуғын”, деп марҳамат етиледи (Нур сүреси, 36-аят).
Аллаҳ таала «Ғайып ата» мешитин қыяметке шекем мѳмин-мусылманларға хызмет етиўин несийп етсин. Тѳрткүллилерге мүбǝрек болсын.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

About The Author

Жоқарыға