Имам Аъзам

Имамул аимма ўа сирожул умма (имамлар имамы ҳәм Ислам үмметиниң шырағы), ҳанафий мәзҳабының тийкаршысы Әбиў Ҳанифа Нуъман ибн Сабит ҳижрий 80 (милодий 699)-жылы Куфа қаласында жипек-шайы саўдагери шаңарағында туўылған. Жаслайынан жақсы билим алған, соңғы саҳабаларды көрген. 22 жасында Ирақтың атақлы алымы Ҳаммад ибн Әбиў Сулайманға шәкирт түсип, 18 жыл оның тәлимин алды. Устазының өлиминен соң, оның шәкиртлерине он жылға шекем тәлим-тәрбия берди. Куфа ҳәм Басра фиқҳ алымларының абыройлы устазы сыпатында танылды.

Халифа Харун ар-Рашид дәўиринде (747-748-жыллары) Әбиў Ҳанифаны Ирақ ҳәкими Ибн Ҳубайр мәмлекет ислерине қазылыққа алыў ушын көп ҳәрекет етеди. Әбиў Ҳанифа қазылықта ислесем, наҳақ ислерге қосылып, гүнаға қаламан, деп қазы болыўдан бас тартады ҳәм ўатаны тәрк етип, Мәккәи Мукаррамаға барып, сол жерде жасай баслады.

Аббасийлер мәмлекет басына келгеннен соң, Әбиў Ҳанифа және Ираққа, Басраға қайтып, саўда ҳәм илим менен шуғылланыўды даўам етеди. Аббасийлер халифасы Мансур (754-755) Әбиў Ҳанифаны пайтахт Бағдадқа келип, қазы ямаса басқа жоқары лаўазымда ислеўди мирәт етти. Бирақ, Әбиў Ҳанифа бул лаўазымлы жумысларды да қабыл етпеди. Халифа Имам Аъзамды қазылықта ислеўге көндириў ушын бир неше мүддет қамап қойды. Имам Аъзам ҳижрий 150-жылы әлемнен өтти. Фиқҳ илимниң ағласы болғаны ушын Ислам әлеминиң дерлик 50 пайызы, сондай-ақ елимиз мусылманлары да Ҳанафий мәзҳабына ереди. «Әҳли сунна ўәл жәмәә»ниң биринши имамы.

Әбиў Ҳанифаның «Муснад» атлы ҳәдислер топламы, «Фиқҳул-әкбәр» яки «Асл ат-Таўҳид», «Фиқҳул-Абсат», «Ал-олим ўа ал-мутааллим» сыяқлы шығармалары бар. Оларда Ислам шәриятының тийкарғы шәртлери баян етилген.

 

Хожели районы бас имамы И.Шерниязов таярлады

About The Author

Жоқарыға