Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Зулҳижжаның биринши он кунлиги уллы пазыйлетлерге ийе. Бул ай ҳарам айлардан бири есапланады. Онда ҳаж ибадаты орынланады. Ол жағдайда ҳаждың ең үлкен рукни болған Арафада турыў бар.
Аллаҳ таала оның фазлын бенделерине билдирип қойыў ушын Өз китабында ол менен ант ишип: «Фажр менен ант. Ҳəм он түн* менен ант», деген. (Фажр сүреси, 1-2-аятлар).
* Бул «он түн»нен мақсет — Зулҳижжа айының биринши он күнлиги екени көпшилик муфассирлер тəрепинен айтып өтилген.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оның фазлын айтып сондай деген: «Ҳеш бир күн жоқ ондағы солиҳ əмел мине бул күнлердеги (ташриқ күнлери) әмелдей Аллаҳға маҳбуб болса», деди» (Аҳмад ҳəм Бухарийлар Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рəўият қылған).
Онда қылынатуғын айырым əмеллер:
1. Қурбанлық қылажақ болған адам Аллаҳтың рахмет ҳəм мағфирати ағзаларының барлығын қамтып алыўы ушын шаш, сақал ҳəм тырнақларын алмаўы усыныс етиледи.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «(Зулҳижжаның биринши) он күнлиги киргенде, қолында қурбанлық қылажақ болған жанлығи болған киси шаш-сақалын да, тырнағын да алмасын», деди» (Муслим Умму Салама разыяллаҳу анҳадан рəўият қылған).
2. Қуран оқыў, көп зикир қылыў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Сол (күн) лерде таҳлил (лаа илааҳа иллаллоҳ), такбир (Аллаҳу акбар) ҳəм таҳмид (Алҳамдулиллаҳ) ти көбейтиңлер», деди» (Аҳмад Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рəўият қылған).
3. Биринши тоғыз күнинде ораза тутыў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның айырым ҳаялларынан рəўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күнинде, Зулҳижжаның тоғыз күнинде, ҳəр айдан үш күн — биринши дүйшемби ҳəм кейинги еки пийшемби күнлери ораза тутатуғын еди». (Насаий рəўият қылған).
4. Тоғызыншы күниниң оразасы бөлек айтып өтилген, себеби ол күн Арафа күнидур.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ол күнниң оразасы ҳаққында сорағанында: «… (Ондағы ораза) өткен ҳəм қалған жылды(ң гүналарын) каффарат қылады», деген» (Муслим Абу Қатада Ансарий разыяллаҳу анҳудан рəўият қылған).
5. Оныншы күни ораза тутылмайды, себеби ол қурбан ҳайыты күнидур. Ол күндеги қылынатуғын əмеллердиң ең абзалы такбир айтыў, қурбанлық қылыў, садақа бериў ҳəм ағайин-туўысқан ҳəм яр-досларды зыярат қылыўдур.
Кимге сол жылы ҳаж қылыў несип етпеген болса, жоқарыда айтып өтилген таат-ибадатлар менен орнын толтырыўға ҳəрекет қылсын.
Аллаҳым, бизлерге байтиңди ҳаж қылған ажриндей ажр берсин. Олардың солиҳ дуўаларына бизлерди де қоссын. Әмийн!
Islom.uz сайтынан Хожели районы «Пирим Ийшан баба» мешити имам-хатиби И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
