Ийман!

#мағлыўмат ИСЛАМ ДИНИ ТИЙКАРЛАРЫ Ислам дини – Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам арқалы пүткил инсаниятқа жиберилген дин. Аллаҳ таала айтады: «…Мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим, сизлерге неъматымды толық бердим, сизлерге Исламның дин болыўын разы болдым…» («Маида» сүреси, 3-аят). Ислам дининиң тийкарлары бесеў: 1.Ийман («Ләә иләәҳә иллаллоҳ, Муҳаммадур расулуллаҳ», деп қәлб пенен тастыйықлап,…

Кейинин оқыў

САЎДАГЕРЛЕР УШЫН

#ҳәдис Ҳасан (р.а.)дан рәўият қылынады: «Маъҳил (р.а.) бийтап болып жатып қалғанында Абдуллаҳ ибн Зияд (р.а.) оны көриўге барды. Маъҳил оннан сорады: — Ҳәй, Абдуллаҳ, наҳақ қан төкгенимди ҳеш көрдиңбе? Абдуллаҳ деди: — Көрмегенмен. Және сорады: — Саўдада бир мәрте болсада баҳаны көтергенимди, қарыйдарларға зыян жеткергенимди еситтиңбе? Абдуллаҳ: — Буны да еситпегенмен ҳәм көрмегенмен, — деп…

Кейинин оқыў

Ашура күни! Муҳаррам айының пазыйлети

АШУРА КҮНИ ОРАЗАСЫ Ашура күни оразасының саўабы ҳәм пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳәдислер келген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам яҳудийлерге уқсап қалмаў ушын Ашура күнине бир күн қосып ораза тутыўға буйырған. Уламалар Ашурадан алдынғы бир күнди яки кейинги бир күнди қосып тутыў сүннет деген. Ашурада үш күн қатара ораза тутыў ең абзал ораза болады, деп атап…

Кейинин оқыў

Ҳәр дайым Рәббиңиз бенен бирге болыў ушын төмендеги ислерди қылыўыңыз лазым:

• Бес ўақыт намазды жәмәәт пенен бирге оқың. • Нәпил намазларды ада қылыўға қатты кирисиң. • Аллаҳты көп еслең. • Көп истиғфар айтың. • Қуран тилаўатын көбейтиң. • Аллаҳ таалаға дуўа қылыўды, сәне айтыўды ҳәм Ол Затқа итаат қылыўды тоқтатпаң. • Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп салаўат айтың. • Парызларды ада қылыў, ҳарамлардан сақланыўда…

Кейинин оқыў
Жоқарыға