Мен ушын Аллаҳтың қәлегени жақсырақ!

#ибрат Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу айтады: «Мен Аллаҳ тааладан бир нәрсени сорайман. Егер сораған нәрсемди берсе, бир мәрте қуўанышлы боламан. Егер сораған нәрсемди бермесе он мәрте қуўанышлы боламан. Себеби, бириншиси мен қәлеген нәрсе. Бирақ, екиншиси Аллаҳ таала қәлеген нәрсе. Мен ушын мен қәлегеннен көре Аллаҳ қәлегени жақсырақ».

Кейинин оқыў

Қуран — шәпәәтши болады!

Әбиў Умама Баҳилий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бундай дегенин еситтим: “Қуран оқыңлар! Себеби ол Қыямет күнинде оқыўшылар ушын шәпәәтши болады”» (Имам Муслим рәўияты). Қуранды азғана болсада яд алыў – неъмат, Аллаҳ тааланың мәрҳәматы.

Кейинин оқыў

ӘДЕБИҢИЗ БЕНЕН

🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 Ғайрыдинлер Қуран оқымайды, ҳәдис оқымайды, олар ең дәслеп сизди көреди. Солай екен, Исламның гөззал елшиси бол. Олардың қасында болғаныңызда желкеңизде динниң абыройы бар екенлигин де умытпа, қулқың менен оны мүнәсип қорға! Бир күни Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айтқан екен: «Адамларды сөз айтпастан да Исламға шақырың!» Сонда, олар сорапты: «Қалайынша?» Уллы саҳаба жуўап берипти:…

Кейинин оқыў
Жоқарыға