Республикамыздағы атынайылар сәўбеттен ѳткерилди
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы тапсырмасы менен республикамыздағы атынайыларды сәўбеттен ѳткериў белгиленген еди. Усы тапсырмаға бола бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың басшылығында атынайылар қатнасында ушырасыў болып, онда сәўбеттен ѳткериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиник берилди ҳәм атынайыларға әўметлер тиледи. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен тәжирийбели имам-хатиблер ҳәм ал-Беруний медресесиниң тәжирийбели устазларынан комиссия қурамы дүзилип, республикамыздағы атынайылар сәўбеттен ѳткерилди….
