Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы ўәкиллери қарақалпақстанлы диний қәнигелер менен ушырасты
Усы жыл 6-февраль күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының жуўапкер ўәкиллери республикамызда хызмет сапарында болды. Сапар даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың басшылығында имам-хатиб ҳәм имам-найыплар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда диний тараўда болып атырған соңғы жаңалықлар, ѳткен 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар, быйылғы жылдағы ис режелер бойынша сѳйлесилди. Ушырасыў қатнасыўшылары тараўды раўажландырыўға тийисли усынысларды тыңлаў менен бирге, оларды…
