Жаңа мешит

8-июль Пайтахтымыздағы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынында үлкен бир мешиттиң ирге тасын қойыў мәресими болып өтти. Мәресимде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Шамсуддин Баҳауддинов уламалар ҳәм жасы үлкен нураныйлер менен биргеликте басланып атырған истиң қайырлы ҳәм берекетли болыўын тилеп Аллаҳ тааладан сорап дуўалар қылды ҳәм мешиттиң ирге тасын қойып берди.

Кейинин оқыў

ӘДЕБИҢИЗ БЕНЕН

🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 Ғайрыдинлер Қуран оқымайды, ҳәдис оқымайды, олар ең дәслеп сизди көреди. Солай екен, Исламның гөззал елшиси бол. Олардың қасында болғаныңызда желкеңизде динниң абыройы бар екенлигин де умытпа, қулқың менен оны мүнәсип қорға! Бир күни Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айтқан екен: «Адамларды сөз айтпастан да Исламға шақырың!» Сонда, олар сорапты: «Қалайынша?» Уллы саҳаба жуўап берипти:…

Кейинин оқыў

ПАЙҒАМБАРЛАР

Пайғамбарлар кимлер? — Аллаҳ тааланың биз сыяқлы бенделери. Олар да Адам алайҳиссаламның перзентлери болып, туўылыўдан-ақ, Аллаҳ тааланың панасы ҳәм қорғаўындағы ақыллы ҳәм физикалық саламат, ҳақыйқатгөй ҳәм тақўалы, кемшиликсиз болады. Олар қай тәризде сайланады? — Жәбрайыл алайҳиссалам арқалы ўаҳий жибериледи. Пайғамбар усы ҳүкимлердиң күши менен бенделерди ҳақ динге баслайды. Бенделер пайғамбарлардың сөзлерин қалай қабыл етеди? —…

Кейинин оқыў

Жума

Жума намазының пазыйлетлери ҳәдислерде көп зикир етилген. Үзирсиз онда қатнаспаў қатты қараланады. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) нәзеринде жума намазын оқыў ушын кеминде төрт адам, Әбиў Юсуф (рҳ.) нәзеринде үш адам, Ҳасан Басрий (рҳ.) нәзеринде еки адам, Имам Шафиий (рҳ.) нәзеринде қырық адам болыўы шәрт (Хз.). 🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикирине…

Кейинин оқыў

Бақеъ қәбиристаны. Мадина. 1910 жыл.

Бақеъ Мадинадағы белгили қәбиристан болып оған Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саламның жүдә көп саҳабалары жерленген. 1) Байт ал Аҳзан (Ҳузун үйи) 2) Төрт имам мақбарасы: Сәййид Ҳасан ибн Әлий, Сәййид Әлий ибн Ҳусайн, Сәййид Муҳаммад Бақир, Сәййид Жаъфар Садық. 3) Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қызларының қәбирлери. 4) Уммул мөминийн — Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа…

Кейинин оқыў

Ҳәр дайым Рәббиңиз бенен бирге болыў ушын төмендеги ислерди қылыўыңыз лазым:

• Бес ўақыт намазды жәмәәт пенен бирге оқың. • Нәпил намазларды ада қылыўға қатты кирисиң. • Аллаҳты көп еслең. • Көп истиғфар айтың. • Қуран тилаўатын көбейтиң. • Аллаҳ таалаға дуўа қылыўды, сәне айтыўды ҳәм Ол Затқа итаат қылыўды тоқтатпаң. • Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп салаўат айтың. • Парызларды ада қылыў, ҳарамлардан сақланыўда…

Кейинин оқыў
Жоқарыға