#хош_хобар
24-сентябрден жума намазы мешитлердиң ишинде оқылады
Республика арнаўлы комиссиясының нәўбеттеги жыйналысында мәмлекетимизде карантин талапларын қысқартыў арқалы халыққа мәдений ҳәм мәнәўий дем алыўларын мазмунлы өткериў ушын қолайлы шарайытлар жаратыў мәселеси кең көлемде додаланды.
Атап айтқанда, Республика арнаўлы комиссиясының мәжилисинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитеттиң 2021-жыл 24-сентябрден жума намазы ҳәм басқа намазларды мешитлердиң тек ашық орынларында оқылыўына тийисли шеклеўди бийкарлаў ҳаққындағы усынысы көрип шығылды ҳәм мақулланды. Бул ҳаққында Ден-саўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети рәсмий хабар берди.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспасөз хызмети
