«Пайғамбарымызға менде салаўат айтаман!»

#анонс

«Пайғамбарымызға менде салаўат айтаман!» жойбары

Әссаламу алейкум, әзиз ықласбентлер!

Мүбәрек Раббиул-әўўал айы кирип келиўи мүнәсибети менен Hidayat.uz сайты өз ықласбентлери ушын «Пайғамбарымызға менде салаўат айтаман!» жойбарын баслады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтине ерисиўге ҳәм өмиримизге берекет кириўине себепши болатуғын әмеллердиң бири – Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў ушын Hidayat.uz жәмәәти «ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА МЕН ДЕ САЛАЎАТ АЙТАМАН!» жойбарына белсенди қатнасыўға шақырып қаламыз.

Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким маған бир салаўат айтса, Аллаҳ оған он салаўат айтады, оның он гүнасы өшириледи, (мәртебеси) он дәреже жоқары көтериледи», – деди.
(Имам Насаий, Аҳмад, Ҳаким, Ибн Ҳиббан ҳәм Байҳақий рәўият қылған).

Салаўатты қалай айтамыз?

«Аллаҳумма солли ўә сәллим ъәләә сәййидинә Муҳаммад ўә ъәләә әлиҳи ўә соҳбиҳи ажмаъийн!»

Ҳәзир бир салаўат айттыңыз. Ҳәдиске муўапық сизге 10 саўап ҳәм жақсылықлар жазылды, гүналарыңыз өширилди, 10 салаўат айтсаңыз 100, 100 салаўат айтсаңыз 1000 болып өзиңизге қайтады.

Салаўатлар:
1. Аллаҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ъәләйҳ;
2. Аллаҳумма солли ъәләә Муҳаммад;
3. Аллаҳумма солли ъәләә Сәййидинә Муҳаммад.

Сиз бул салаўатлардан қалеген бирин тәкирарлап, неше рет айтқаныңызды хабарлап, ҳәр күни Telegram социаль тармағындағы @salawatlar_sani_bot мәнзилине жоллаўыңыз керек болады.

Биз бул салаўатлар санын толық есаплап, ҳәр үш күннен салаўатлар санын хабарлап турамыз.

«ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА МЕН ДЕ САЛАЎАТ АЙТАМАН!» жойбары 9-октиябр шемби күни Раббиул-әўўәл айының ақырына шекем даўам етеди.

About The Author

Жоқарыға