МУФТИЙ САЙЛАНДЫ

#жаңалық

МУФТИЙ САЙЛАНДЫ

2021-жыл 19-октябрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң кеңейтирилген мәжилиси болып өтти. Онда шөлкемлестириўшилик мәселелери көрип шығылды. Ташкент қаласы бас имам-хатиби сыпатында ислеп атырған Нуриддин устаз Холиқназаров Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий лаўазымына сайланды.
Нуриддин устаз Холиқназаров 1968-жылда Андижан ўәлаяты Асака қаласында туўылған. 1992-жылда Бухара ўәлаятындағы Мир Араб медресеси, 1998-жылда Имам Бухарий атындағы Ташкент ислам институтын, 2007-жылда болса, Ферғана мәмлекетлик университетин табыслы тамамлаған.
Мийнет жолы даўамында Асака қаласындағы “Аҳмадали Махдум” мешити имам-хатиби, Ташкент қаласы “Оқ тепа” жаме мешити имам-хатиби, пайтахттағы “Кўкалдош”, Андижан ўәлаятындағы “Саййид Муҳйиддин махдум” медреселери оқытыўшысы, Андижан ўәлаяты бас имам-хатиби ҳәм 2019-жылдан усы күнгеше Ташкент қалалық бас имам-хатиби ўазыйпаларында мийнет етип атыр еди.

Аллаҳ тааладан Нуриддин устаз Холиқназаровқа усындай мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпада үлкен нәтийжелер тилеп қаламыз.

About The Author

Жоқарыға