#мақала
ИСЛАМДА КЕҢПЕЙИЛЛИК
Инсаният тарийхына нǝзер тасласақ, қайсы жǝмийетлерде татыўлық, бирадарлық, ɵз-ара келисимлилик болса, раўажланыў, ел тынышлығы ҳүким сүрген. Керисинше, қай бир жǝмийетте келиспеўшилик ɵз-ара дүшпанлық күшейсе, бундай жǝмийетлерде урыс ҳǝм жǝнжеллер келип шығып, журт ўайран, ел тарқалып кеткен. Аллаҳ таала бенделерин урысыўға, бир-бирлериниң қанын тɵгиўге, жǝнжеллер шығарыўға емес, қандай дин ҳǝм исенимде болыўына қарамастан аўызбиршиликте, бир-бирине кеңпейилликте, ɵзгелердиң ҳақларын ҳүрметлеген жағдайда жасаўға буйырған.
Халқымыз қан-қанына сиңип кеткен миллетлер-ара татыўлық ҳǝм диний кеңпейиллик ғǝрезсизлик жылларында жǝнеде раўажланды ҳǝм оның нызам тийкарлары исленип, миллий сыясатта беккем орнын тапты. Бул сыясатқа миллий шың негизине бир жǝмийетте жасап, бир мақсет жолында мийнет қылып атырған 130 дан зият түрли миллет ҳǝм еллерге тийисли инсанлар ҳәм де 16 конфессияда жǝмленген дин ўǝкиллери ортасында ɵз-ара ҳүрмет, дослық ҳǝм бирге ислесиў беккем фундаменти тийкар қылып алынған.
Ɵткен қысқа дǝўир ўақтында ҳǝр бир миллет ўǝкили ɵз ɵнери ҳǝм неге қǝдирлигин толық кɵрсетиўи, ɵзин Ўатан раўажы, журт тынышлығы, халық абатлығы жолына бағышлаўлығы ушын имканиятлар жаратылды.
“Кеңпейиллик” дегени – “сабырлы”, “мүрǝсели”, “сақый”, “түрли дин ўǝкиллериниң ɵзгеше қараў ҳǝм исенимлерине ҳүрмет пенен мүнǝсебетте болыў” ға уқсаған мǝнилерди аңлатады.
Исламда инсанды оның миллети яки динине қарамастан оны инсан сыпатында ҳүрметлеўге шақырады.
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир күни саҳабалары менен отырғанында бир яҳудий жаназасын алып ɵтилди. Сонда Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳүрмет кɵрсетип орнынан турды. Сонда саҳабалар Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға «Ол яҳудийғо!» деди. Яғный басқа дин ўәкилиғо дегендей айтты. Сонда Пайғамбар алайҳиссалам «Ол адам емеспе?» деди. Пайғамбар алайҳиссалам басқа дин ўәкилиниң тирисине ҳүрмет көрсетиўи белгили, ал өлисине ҳүрмет көрсетиўи ҳақыйқый кеңпейиллик.
Исламда кеңпейил болыўлықтың бир қанша кɵринислери болып, тɵменде олардан айырымларын баян қыламыз:
1) Ислам дини мусылман инсанның басқа дин ўǝкиллери менен жақсы мǝмиле ҳǝм мүнǝсибетте болыўға шақырады. Бул ҳаққында Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай мәрҳамат қылған: “Дин бойынша сизлер менен урыспаған ҳәм үлкелериңизден (қуўып) шығармағанларға жақсылық қылыўыңыз ҳәм әдалатлы болыўыңыздан Аллаҳ сизлерди қайтармайды. Әлбетте, Аллаҳ әдалат етиўшилерди жақсы көреди” (Мумтаҳана сүреси, 8-аят).
Жǝне бир аяты-кәриймада: «Бүгин сизлерге пәк нәрселер ҳадал қылынды. Сондай-ақ, Китап берилгенлердиң аўқаты сизлер ушын ҳадал ҳәм сизлердиң аўқатыңыз да олар ушын ҳадал. Зинакәклық ҳәм жасырын ойнас қылып алыў ушын емес, ал мәҳрлерин берсеңиз, мөмин ҳаяллардың пәклери ҳәм сизлерден алдынғы Китап берилгенлердиң пәк ҳаяллары (да сизлерге ҳадал.) Ким ийманды инкәр етсе, оның (қылған саўаплы) иси бийҳуўда кетеди ҳәм ақыретте ол зыян көриўшилерден болады» (Маида сүреси, 5-аят)
Егер айырым кимселер айтқанындай Ислам дини жаўызлық болса усындай дǝрежеде қатнасыққа шақырылармеди? Усындай дǝрежеде ɵзге дин ўǝкиллери ҳақларын сақлаў айтылармеди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламда кɵплеген ҳәдиси шәрийфлеринде әҳли китап (насраний ҳǝм яҳудий) ларға зулым қылмаслыққа ҳǝм олардың ҳақларын сақлаўға шақырған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким бир ўǝделесип келискен (ғайрыдин) кисиге зулым қылса яки оның ҳаққын бузса, яки оны күши жетпейтуғын иске буйырса яки оннан ɵз разылығысыз бир нǝрсе алса, Қиямет күни мен сол адамның даўагери боламан” (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).
Буғанда тарийхта жүдә кɵп мысаллар бар.
Умар ибн Абдулǝзийз ҳижраттың 100-жылларында халифалық қылған дǝўирлеринде әҳли китаплардың бир жǝмәәти шағым етип келди. Олардың сораўы ширкеўиниң бир бɵлеги бузылғанын, соны тиклеўди сорап келгенин айтты. Сонда Халифа Умар ибн Абдулǝзийз тезлик пенен ширкеўди алдынғы жағдайындағыдай қылып қайта тиклеп насраний дини ўǝкиллерине қайтарыўды буйырды.
Жǝне бир ўақыя усы халифаға байланыслы. Халифа ширкеўге барғанында намаз ўақты болып қалды. Сонда насраний дини ўǝкиллери «Ширкеўде намаз оқып алсаңыз болады» деди. Сонда Халифа – «Егер мен сизлердиң ширкеўиңизде намаз оқысам басқа мусылманларда Халифа намаз оқыған жерде намаз оқыймыз деп сизлерге кесири тийиўлиги мүмкин!» деп сыртқа шығып намаз оқыды.
Басқа дин ўәкиллери кесел болғанында, мусылман инсан оларды кɵриўге барыўы мүмкин. Бул ҳаққында Анас ибн Молик разыяллаҳу анҳудан былай рәўият келеди: «Яҳудийлерден болған бир жигит Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға хизмет қылатуғын еди. Ол кесел болып қалды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оны кɵриўге келди ҳǝм: “Мусылман бол”, – деди. Сонда жигит алдында турған атасына қарады. Атасы: “Абул Қасымға итаат қыл”, – деди. Ол мусылман болды. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Оны дөзахтан қутқарған Аллаҳ таалаға ҳамд болсын!” – деп орнынан турды» (Имам Бухарий рәўияты).
Сондай-ақ, мусылман инсан басқа дин ўǝкиллерине саўға бериўи яки олардан саўға қабыл етиўи, мийман болыўы яки оларды мийманға шақырыўы, қоңсы-қобалық мǝмилесин қылыўы, олар менен алды-сатты қылыўы ҳǝм қарыз алды-берди киби мәмилелерин қылыўы дурыс болады. Тек бундай жағдайларда мусылман инсан шәрият кɵрсетпелерине ǝмел қылыўы талап етиледи.
Бир нәрсени умытпаўлық керек, ɵзге дин ўәкиллери менен мǝмиле ҳǝм мүнǝсебетте болған инсан олар ҳǝўес қылатуғын дǝрежеде гɵззал ǝдеп-икрамлылық ҳǝм расгɵйлик ҳǝм де мусылманлардың абройын сақлайтуғын дәрежеде болыўы керек. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳǝзирети Әлий разыяллаҳу анҳуды Хайбарға жиберип атырып: “Аллаҳ таалаға ант, сиз себепли бир инсанның ҳидаят табыўы қызыл түйелерге ийе болғаныңнан жақсырақ”(Имам Бухарий рәўияты).
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу халифалық қылған ўақытларында саўыты жойтылып қалды. Оны бир яҳудийдиң қолында кɵрип, қайтарып бериўин сорады, яҳудий бул мениң саўытым деп бермеди. Сонда Ҳǝзирети Əлий қол астында қазылық мǝнсебинде турған Шурайҳқа шағым етти. Мәкемеге Ҳǝзирети Әлий ҳǝм яҳудий шақырылды. Ҳәзирети Əлий: “Мына саўыт меники, оны сатпадым, саўғада қылмадым!”, – деди. Қазы Шурайҳ яҳудийден: “Сен не дейсең?” – деп сорады. Яҳудий: “Саўыт меники!”, – деп жуўап берди. Қазы ҳǝзирети Əлийден: “Дǝлийлиңиз барма?” – деп сорады. Ҳǝзирети Әлий: “Яқ!”, – деди. Қазы саўытты яҳудийдиң пайдасына ҳүким қылды. Яҳудий саўытты алып кете турып, ɵзине ɵзи айтты: “Мусылманлардың Патшасы мениң үстимнен ɵзиниң қазысына шағым қылса-да, қазы оның зиянына ҳүким шығарса?!! Аллаҳ таалаға ант, бул гүмансыз, пайғамбарлар қулқы!”, — деди. Кейин ол ҳǝзирети Әлий ҳүзирине келип: “Ҳәй, мɵминлердиң ǝмири! Саўыт ҳақыйқатында-да сиздики еди, оны мен түйеңизден түсип қалғанында таўып алып едим. Ислам дини усындай гɵззал болса, мен бул динди қабыл қыламан деп, «Ләә иләҳә илләллоҳ, Муҳаммадур расулуллоҳ»” – деп гүўалық берди. Ҳәзирети Əлий: “Исламға кирген болсаң, енди ол меннен саған саўға болсын!” – деди. (“Ҳәзирети Әлий” китабынан)
Усы жоқарыда айтылған аят ҳǝдислерди оқып турып ойға таласаң бундай дǝрежеде ғайры динге ҳүрмет кɵрсетиўге шақырылған болса ҳǝзирги күндеги биз мусылманларға не болған? Демек, Ислам дини мусылманларды ғайрыдиндегилерге кеңпейиллик, жақсы мǝмиле ҳǝм мүнǝсибетте болып жасаўға буйырған. Ɵкинишлер болсын, ҳǝзирги күнде ɵзлерин Исламда, мусылман санайтуғынлар ɵз динлеслерин қандай-да бир кемшилик ҳǝм айыплары себепли бири-бирине дүшпан болыўға шақырмақта. Бул жүдǝ ашынарлы жағдай! Ҳақыйқый мусылман ушын ɵзиндеги ийман ең қǝдирли нәрсе есапланады. Басқа исеним ўǝкиллерине сондай жақсы мүнǝсибетте болыўлыққа шақырар екен, мусылман инсан мөмин бирадары ушын бир ата-анадан туўылғандай аға-ини есапланады. Мусылманның қаны да, жаны да, малы да, абройы да бир-бирине ҳарам болады.
2) Ислам динимиз алды-сатты ҳǝм қарыз талап қылыўда да кеңпейил болыўға шақырады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген: “Сатқанда да, алғанда да, қарызды талап қылғанда да кеңлик қылған инсанға Аллаҳ таала рейим қылсын!” (Имам Бухарий рәўияты).
3) Ислам динимиз ҳǝтте жаманлық қылған ағайинге де жақсылық қылыўға ҳǝм силаи раҳмди үземен деген менен силаи раҳмди байлаў жолында баўырыкең болыўға шақырады. Бул ҳаққында “Бир инсан: “Ҳәй, Аллаҳтың Расулы! Мениң ағайинлерим бар. Мен оларға силаи раҳм қыламан, олар оны үзеди. Мен оларға жақсылық қыламан, олар маған жаманлық қылады. Мен оларға жумсақлық қыламан, олар маған наданлық қылады”, – деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Егер сиз ɵзиңиз айтқаныңыздай болсаңыз, тап оларға ыссы күлди жедирип атырғандайсыз (яғный, жақсылығыңыздың орнына жаманлық қылыўы менен үлкен гүнаҳ қылған болады). Егер, усы жағдайда даўамлы болсаңыз, Аллаҳ тǝрепинен сиз бенен бирге олардың қарсысына бир жǝрдемши болады”, – деди” (Имам Муслим рәўияты).
Бул ҳǝдиси шарийфте туўысқанлар жаманлық қылса да, оларға жақсылық қылыўда даўамлы болыўға күшли шақырық бар.
Ҳүрметли мусылманлар! Бизге мәлим, 1995-жыл 16-ноябрда ЮНЕСКО халқара шɵлкеми тǝрепинен “Кеңпейиллик Декларациясы” қабыл етилди. Декларацияда миллети, жынсы, келип шығыўы, тили, динине қарамастан, кеңпейиликке шақырыў, инсан ҳуқықлары ҳǝм еркинликлерине ҳүрмет пенен қараўға уқсаған талаплар киргизилген.
Ɵз дининиң талапларын толық аңлаған ата-бабаларымыз тарийхын үйренсек, журтымызда ҳеш қайсы дәўирде насранийлердиң ширкеўи, яҳудийлердиң синагоги яки басқа ибадатханалар ўайран етилмеген, Ислам журтларында ҳәр бир дин ўǝкилине еркинлик тǝмийнлениўлик пенен бирге мусылманлар ɵзлери арасында миллет айырыў, миллетине қарап алалаў қыялына да келмеген болса керек.
Аллаҳ таала әзийз ҳǝм ғǝрезсиз журтымызда жасаўшы бǝрше мɵмин-мусылманларды, миллет ҳǝм еллерди, тыныш-татыў, ɵз-ара ҳүрмет ҳǝм итибарда жасаўын несип етсин, ана-Ўатанымызды түрли бǝле ҳǝм апатлардан ɵз панасында сақласын! Әмийн!
Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы бас имам-хатиби Икрам Шерниязов
