Жасларымызды жат идеялардан асрайық!

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.

Жаслық ҳəр бир инсанға бир рет берилетуғын теңи жоқ неъматлардан бири болып, оның қәдирине жетиў керек. Бул неъматтан өнимли пайдаланып, өзиниң илимий ҳəм руўхый потенциалын асырып барған инсан өз мойнындағы ең жоқары ўазыйпаны орынлаған есапланады.

Ҳəзирги күнде Өзбекстан халқының 60 процентинен асламын жаслар қурайды. Ҳəр бир перзенттиң өзлиги шаңарақта қəлиплеседи. Демек, шаңарақ бəркəмал әўлад тийкары есапланады. Сондай екен шаңарақта перзентлерди әдеплилик ҳәм ҳуқықый тəрептен кәмил тəрбиялаў, əсиресе, əдалат, миннет, ўатансүйиўшиликти қəлиплестириў, ана ўатанды сүйиў сезимин оятыў оғада зəрүрли есапланады.

Мəмлекетимизде өсип киятырған жас әўладтиң ҳəр тəреплеме бəркəмал ержетиўи, олардың уллы бабаларымызға мүнəсип мийрасхорлар болыўы ушын барлық мүмкиншиликлер шөлкемлестирилип атыр. Журтымыздың түрли аймақларында қурылып атырған саўлатлы тəлим мəкемелери, спорт имаратлары ҳəм басқа имканиятлардың барлығы жасларымыздың физикалық саламат, руўхый жоқары инсан болып жетилисиўине қаратылған.

Информациялар жақтылық тезлиги сыяқлы тез тарқалып атырған бул заманымызда жəмийеттиң келешеги болған жасларға түрли жат идеялардың тəсир етиўи жүдə аңсат. Ғалаба хабар қуралларының барлық түрлери арқалы, атап айтқанда, интернет тармақлары жəрдеминде қəлеген мағлыўматты дүньяның қəлеген мүйешине жеткериў мүмкиншилиги бар. Әлбетте, буның көплеген унамлы тəреплери бар екенлиги менен унамсыз тəреплери де жетерли болып табылады. Енди бүгинги дəўирде жаслардың физикалық саў саламат болыўының өзи жетерли болмай қалды. Бəлки, олар руўҳый саў-саламат болыўы, кең дүнья-көзқарасқа ийе болыўы, түрли жат идеяларға қарсы тура алатуғын күшли сын пикирлей алыўы да зəрүр болып қалды.

Интернет арқалы тарқалып, барған сайын ҳəр қыйлы виртуал бузғыншылықлар, зорлықлар, жаслардың мәнәўиятына унамсыз тəсир өткериўши видео, филм ҳəм де ойынлар, диний экстремистик материаллар, инсанийлыққа қарсы болған ислер енди-ғана өсип киятырған пəк пикирлеў əлемине ийе балалардың санасын зәҳәрлеп, оларды жəмийетке пайдасыз ҳəм зыянлы адам болып жетисиўине себеп болып атыр.

Жасларды пикирий ҳəм де руўҳый қарамлықтан еркин тəризде улғайыўын тəмийинлеў де зəрүр. Мағлыўматларды филтр ете алыў, көрген еситкен ҳəр затына садалық пенен исенип кетебермеўлик ушын ғəрезсиз пикирлей алыў көнликпелерин қəлиплестириў керек. Балаларды бийкаршы болып қалмаўын, ўақытларын пайдалы шынығыўлар менен өткериўин, түрли кəсиплер үйрениўин жолға қойыў керек болады. Барлық бузғыншылықлардың келип шығыўы быйкаршылыққа барып тақалады. Сонда жасларымыз виртуал дүньяда мəдениятқа ҳәм де тыянақлы билимге ийе болып нəпсиқаў мақсетлер гирдабына түсип қалыўдан аманда болады.

Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы «Пирим Ийшан баба» жамеъ мешити имам-хатиби И.Шерниязов

About The Author

Жоқарыға