АШУРА КҮНИ ОРАЗАСЫ
Ашура күни оразасының саўабы ҳәм пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳәдислер келген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам яҳудийлерге уқсап қалмаў ушын Ашура күнине бир күн қосып ораза тутыўға буйырған. Уламалар Ашурадан алдынғы бир күнди яки кейинги бир күнди қосып тутыў сүннет деген. Ашурада үш күн қатара ораза тутыў ең абзал ораза болады, деп атап өткен.
Быйыл Ашура күни Сәршемби күнине (18.08.2021 ) туўры келмекте. Демек, жоқарыдағы ҳәдистеги көрсетпеге муўапық Сийшемби күни (17.08.2021) яки Пийшемби күни (19.08.2021) қосып тутылыўы керек. Сонда иншааллаҳ сүннеттиң саўабына ерисемиз. Егер мүмкиншилиги болып Сийшемби, Сәршемби ҳәм Пийшемби күнлери ораза тутсақ, саўабы және де уллырақ болады.
Ашура күни! Муҳаррам айының пазыйлети — ҳаққында видеомаруза👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
