САЎДАГЕРЛЕР УШЫН

#ҳәдис

Ҳасан (р.а.)дан рәўият қылынады:
«Маъҳил (р.а.) бийтап болып жатып қалғанында Абдуллаҳ ибн Зияд (р.а.) оны көриўге барды. Маъҳил оннан сорады:
— Ҳәй, Абдуллаҳ, наҳақ қан төкгенимди ҳеш көрдиңбе?
Абдуллаҳ деди:
— Көрмегенмен.
Және сорады:
— Саўдада бир мәрте болсада баҳаны көтергенимди, қарыйдарларға зыян жеткергенимди еситтиңбе?
Абдуллаҳ:
— Буны да еситпегенмен ҳәм көрмегенмен, — деп жуўап берди.
— Ҳәй, Абдуллаҳ, бул ҳәдисти меннен есит, оны бир неше мәрте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан еситкенмен, — деди Маъҳил. Ол Ҳәзирет сондай деп еди: «Кимдур саўдада, қарыйдарлар зыянына баҳаны көтерсе, Аллаҳ таала ол адамды оттан болған тахытқа отырғызады».
Абдуллаҳ:
— Аўа, көп мәрте еситкенмен, — деди.
(Аҳмад, Табараний рәўияты)

About The Author

Жоқарыға