#мағлыўмат
ИСЛАМ ДИНИ ТИЙКАРЛАРЫ
Ислам дини – Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам арқалы пүткил инсаниятқа жиберилген дин. Аллаҳ таала айтады: «…Мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим, сизлерге неъматымды толық бердим, сизлерге Исламның дин болыўын разы болдым…» («Маида» сүреси, 3-аят).
Ислам дининиң тийкарлары бесеў:
1.Ийман («Ләә иләәҳә иллаллоҳ, Муҳаммадур расулуллаҳ», деп қәлб пенен тастыйықлап, тил менен айтыў);
2.Намаз (күнине бес ўақыт намаз оқыў);
3.Ораза (Рамазан айының оразасын тутыў);
4.Зәкат (Мал-дүнья мәлим бир нысабқа жетсе, қырықтан бир бөлимин Аллаҳ белгилегенлер ушын ажыратыў);
5.Ҳаж (қурбы жетсе, өмиринде бир мәрте ҳаж қылыў).
