ПАЙҒАМБАРЛАР

Пайғамбарлар кимлер?

— Аллаҳ тааланың биз сыяқлы бенделери. Олар да Адам алайҳиссаламның перзентлери болып, туўылыўдан-ақ, Аллаҳ тааланың панасы ҳәм қорғаўындағы ақыллы ҳәм физикалық саламат, ҳақыйқатгөй ҳәм тақўалы, кемшиликсиз болады.

Олар қай тәризде сайланады?

— Жәбрайыл алайҳиссалам арқалы ўаҳий жибериледи. Пайғамбар усы ҳүкимлердиң күши менен бенделерди ҳақ динге баслайды.

Бенделер пайғамбарлардың сөзлерин қалай қабыл етеди?

— Бирден қабыл етпейди. Дәлил сорайды. Бундай жағдайда Аллаҳ тааладан мөжиза сорайды. Аллаҳ халайықтың талабына мүўапық мөжиза көрсетеди.

Оннан соң пайғамбарлардың ҳақлығына исене ме?

— Зейни өткирлери ҳәм инсаплылары исенеди. Жаман қулықлылары исенбей, оны сыйқыр дейди. Көпшилик инсанлар кеўиллеринде исенеди, бирақ тәкаббырлығы себепли итаат етиўге арланады.

About The Author

Жоқарыға