«Ҳақыйқатында да, ҳǝр бир жас баланы ɵз перзентиндей ǝдиўлеп, ардақлап, жас ǝўлад тǝрбиясы ушын кɵз нуры, қǝлбин, пүткил барлығын пидǝ ететуғын оқытыўшы ҳǝм тǝрбияшылар толық мǝнисте пидǝйы кǝсип ийелери!» Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев.
Устаз, муғаллим, мударрис, тǝрбияшы – бул сɵзлер кɵп мазмунлы сɵзлер болып есапланады. Бул сɵзлерди еситкенде ҳүрметке ылайық инсанлар екенлигин түсинемиз яки ɵзимиздиң устаз яки муғаллимлеримиз кɵз алдымызда сǝўлеленеди. Динимизде устаз-муғаллимниң орны жүдǝ жоқары екени айтылған. Сүйикли Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳǝдислеринде айтылады: «Жердеги ҳǝм аспандағы барлық нǝрселер, ҳǝтте теңиздеги балықларда инсанларға жақсылықты үйретиўши устазлардың гүнасын кешириўлигин сорап турады» – делинген. Бул түсиниклер адамзат пайда болғаннан, қыяметке шекем даўам ететуғын түсиниклер болып есапланады.
Жердеги жǝнликлер ҳǝм аспандағы периштелер оның ушын мағфират сорап турған кисиниң мǝртебесинен жоқары мǝртебе болыўы мүмкинбе?
Қураны кǝриймде шǝкирттиң устазына мǝмилеси, ǝдеби қай дǝрежеде болыўы кереклиги шырайлы тǝризде баян қылынған.
Аллаҳ таала өзиниң Кәламында мәрҳәмәт қылып айтады:
«Муса ɵз шеригине (шǝкирти Юшаъ ибн Нунға) «Еки теңиз қосылатуғын жерге жетпегениңше якы узақ мүддет гезбегениңше оны излеўден тоқтамайман» деп айтқан ўақтын еслең» (Каҳф сүреси, 60-аят).
Бул аяттан түсинилетуғын ҳǝм үлги алатуғын жеримиз – Илим талабындағы инсан ɵзи тǝлим алыўды қǝлеген алым инсанды оған ҳүрмет жүзесинен бир ɵмир излеўге таяр болыўы кереклиги.
Сондай-ақ Аллаҳ таала устаз ҳǝм шǝкирт ортасындағы сǝўбетте устазға қандай қатнасық қылыўды Муса алайҳиссалам тилинен баян қылып:
«Сизге билдирилген билимнен мағанда туўры жолды тǝлим бериўиңиз ушын сизге ерсем болама? деди» (Кахф сүреси 66 аят).
Және де устазға ҳүрмет дǝрежеси саҳабалар ɵмиринде де жоқары баҳаланған.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу Зайд ибн Сабит разыяллаҳу анҳудан илим алатуғын еди. Ол инсан устазы Зайд разыяллаҳу анҳудиң есиги алдына келип, устазын шақырады, егер шықпаса есигиниң алдында күтип туратуғын еди. Бир күни устазының шығыўын күтип уйқылап қалды. Самал кɵтерилип шаң-тозаң болды. Ибн Аббас болса үйине қайтпастан устазын күтип тура берди. Кɵп күткенинен қулақлары шаң-қумларға толып кетти. Бираз ўақыт ɵткеннен кейин Зайд ибн Сабит үйинен бир жумыс пенен кɵшеге шығып, үйи алдында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүйикли жийени Ибн Аббас шашлары тозыған шаң басқан жағдайда есиги алдында турғанын кɵрди. Келиў себебин сорағанда, Ибн Аббас: «Илим алыў ушын келип едим», деди. Сонда Зайд ибн Сабит қысынып, «Ҳǝй Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның жийени, егер адам жибергениңизде ɵзим үйиңизге барып оқытатуғын едим. Сиздей уллы инсанларға биз барып сабақ бериўимиз керек», деди. Сонда Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу: «Яқ. Илим алыў ушын устазлар есиги алдына келиўге буйырылғанбыз», деп жуўап берди.
Халқымызда «Устаз – атаңдай уллы!» деген нақыл бар. Себеби перзенттиң дүньяға келиўине, кǝмил инсан болып ер жетиўине ата-анасының тǝрбиясы қандай дǝрежеде ǝҳмийетли болса, оған тǝлим берип, ɵмирде ɵз орнын табыўда устазлар орны сол дǝрежеде ǝҳмийетли.
Устазлар ата-аналарымыздай биздиң ɵсип-ɵниўимиз камалға жетиўимиз ушын пүткил ɵмирин, бар билимин бағышлаған инсанлар есапланады.
Ел-журттың материяллық ҳǝм руўҳый раўажы муғаллимлердиң мийнети ҳǝм де жǝмийетте оларға қандай дǝрежеде ǝҳмийет берилгенине байланыслы.
Қарақалпағыстан Республикасы Хожели районы бас имамы И.Шерниязов
