Илим ҳәм өнер үйрениў инсан ушын ең зәрүр ислерден есапланады. Ҳәр қандай заттың мәнисин аңғарыў, жәҳәнде жүз берип атырған ўақыя-қубылыслардың жақсы-жаман тәрепин анализ ете билиў, ислердиң гүнә-саўабын, ҳүкимлердиң ҳадал-ҳарамын ажыратыў, шаңарақтың пәраўан жасайтуғынын туўры шөлкемлестириў, қысқасы, ҳәр тәреплеме жетилискенликке ерисиў ушын илим ҳәм өнер ийелеў зәрүрли мүтажлик болып табылады.
Егер инсан илим нуры менен өз жолин жарытпаса, қараңғылық ҳәм наданлық көшесинде қалады. Киси кеўилиниң нуры илим ҳәм билим менен қуўатлы болады. Инсанның қәдири илим менен өседи. Оны ийелеп алыў болса бир көркем өнер болып табылады. Илимнен еле ҳеш ким зәлел көрген емес. Керисинше, дүняда қандай жаўызлық жүз берген болса, олардың ҳәммеси наданлық себепли келип шыққан. Сол себепли илимсизлик ҳәм наданлық үлкен апат есапланады.
Илим ҳәм илим әҳлиниң пазыйлети барысында аяты кәриймалар ҳәм де ҳәдиси шәрийфлер жүдә көп. Илим ийелериниң табатуғын мақам-мәртебелери ҳаққында хабар беретуғын бул аяты кәрийма олардың пазыйлетине дәрек етиўши ҳүжжет ретинде жеткиликли етеди: “Аллаҳ сизлерден ийман келтирген ҳәм илим берилген затларды (бийик) дәреже-мәртебелерге көтереди. Аллаҳ қылып атырған әмеллериңизден хабардар.” (“Мужадала” сүреси, 11-аят).
Ҳақыйқаттан да, ийман ҳәм гөззал қулық пенен байланған илим инсанды бахытлы етеди, мәртебесин бийикке көтереди. Илим пайда етиўден мақсет көркем ҳәм ийгиликли ислерди әмелге асырыў болып табылады. Бендесиниң қылып атырған әмеллеринен болса Аллаҳ таала хабардар.
Муҳаммад ибн Ҳасан (раҳимаҳуллаҳ) айтады : “Тап ылым алыў ҳақылы болғаны сыяқлы кәсип-өнер үйрениў де парыз”. Уламалар буның тастыйығына Абдуллаҳ ибн Масъуд (разияллаҳу анҳу) Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўасаллам) нан рәуият еткен төмендеги ҳәдисти дәлил етеди:
» طلب الكسب فريضة على كل مسلم» ، رواه الطبراني في الأوسط.
“Кәсип-өнер талап қылыўлық ҳәр бир мусылман мойнына парыз” (Табараний рәўияты).
Басқа бир ҳәдисте болса бундай делинеди:
» طلب الكسب بعد الصلاة المكتوبة» أي الفريضة بعد الفريضة.
“Кәсип-өнер талап қылыў парыз намаздан кейин”. Яғный, парыз ибадаттан кейинги парыз әмел болып табылады.
Мир Араб жоқары медресеси оқытыўшысы Раҳманқул Алиқуловтан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
