Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Ибн Асакир «Тарийхы Димашқ» атлы китабында, Муъафий ибн Закария «Ал-жалисус солиҳ» атлы китабында келтиреди:
«Нумайр ал-Маданий айтады :
«Халифа Жәъфар Мансур Мадинаға келди. Муҳаммад ибн Имран Мадинада қазы еди, мен болса оның хаткери едим. Адамлар келип қазыға халифадан шағым етти. Қазы маған халифаға хат таялрап қазыятқа шақырыўымды айтты. Мен қазыға дедим:
— Өтиниш, маған буны буйырмаң. Халифа мениң жазыўымды таныйды!
Қазы айтты:
— Хатты жаз, кейин оны халифаға өзиң алып барасан!
Мен хатты жаздым, және оны халифаға өзим алып бардым. Алдын мени оның ўәзири Рабийъ күтип алды. Мен ўәзирге жағдайымды түсинтирдим. Ўәзир айтты:
— Зияны жоқ, қорықпа, хатты алып киребер!
Халифа Мансур хатты оқып, кеўили көтерилди. Орнынан турып қорықшы ҳәм қараўылларға оған ермеўлигин айтып Рабийъға деди:
— Егер Муҳаммад ибн Имран мени қасымдағы қорықшыларым менен, халифалық ҳалатында ҳәм салтанатлы тәризде көрсе қазылық ҳәмелинен ўаз кешеди.
Халифа қазының алдына киргенинде, қазы бағанағы шағым еткен кисини шақырды. Оны тыңлады. Халифаны да тыңлады. Кейининен халифаның зәлелине, жаңағы шағымшының пайдасына ҳүким шығарды.
Кеш болғанында, халифа Мансур қазыны шақыртырды. Қазы келип халифаға сәлем берди. Халифа оған айтты:
— Ўа алейкум ассалам ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! Аллаҳ сени диниң, пайғамбарың, халифаң ҳәм қазылығың атынан сыйлықласын!
Кейин хызметкерлерине қазыға он мың динар бериўин буйырды. Қазы пулды алып шығып кетти! ».
Биз мине сол динге сыйыныў менен бир неше әсирлер дүньяға ҳүким еткенбиз. Әўеле бул динди өзимизде бина қылғанбыз, кейин бизди себеп етип Аллаҳ бул динди дүньяда қайым етти.
Мәмлекетлерди ўайран ететуғын зулым болып табылады. Оларды абаданластыратуғын нәрсе әдалат болып табылады.
Бул барысында тарийхымыз қаҳарманларға толы.
Қазының алдына халифадан шағым етип келген кисилер қаҳарманлар болып табылады. Себеби олар өз ҳаққыларын талап етип келген, гүңелек болмаған.
Адамлардың халифаға қарсы шағымын тыңлай билген қазы да қаҳарман болып табылады. Себеби ол әдалатты ислетти. Қазының алдында ҳәким де, тутқын да тең екенлигин көрсетти. Халифаға жағымпазлық етпеди!
Бул жердеги ҳақыйқый қаҳарман халифаның өзи болып табылады. Ол қазыятқа айыпланыўшы ретинде келди. Егер келмесе ямаса қазыны жумыстан алса да ҳеш ким бир зат дей алмас еди. Ол қазының ҳүкмине бойсынды. Қазы менен жалғыз қалғанында болса оны мақтады ҳәм үлкен ақша менен сыйлықлады. Ҳаққа тәслим болыў инсанның қәдирин тек ғана бийиклетеди!
Мойыныңызда биреўдиң ҳаққы болса оны өтеў айып емес. Керисинше, өтемеўлик айып болып табылады. Қәте еткениңиз айқын болса ҳаққа қайтыўыңыз гөззал әдептен болып табылады. Шайтанды менменлик апатқа жетирген!
Бир инсан өз жумысын ҳүждан менен атқарса оны сыйлықлаң. Егер жеке мәплериңизге қарсы болсада ҳақты қабыл етиң, ҳақ пенен ҳүким еткенлерди мақтаң!
Сизге ылайық болғаныңыздан да көбирек беретуғын инсан әдалатлы инсан болып табылады.
Адамгершиликли инсанлардың қәдирине жетиң. Мудамы ҳақтан киши болың.
Абулқадир Палвановтан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
