Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Күйеўинен талақ пенен ямаса күйеўи өлип ажиралған ҳаял белгиленген идда мүддети таўсылмастан басқа адам менен некелениўи дурыс емес. Қайсыдур бир ҳаялға үйленбекши болған адам бул нәрселерди билип алыўы зәрүр болып табылады. Бундай неке фасыд (бузық) неке болады ҳәм тийкарынан байланыспаған болады. Биле турып бундай «неке» менен бирге жасап атырғанлар Аллаҳ ҳәм өзлери арасында яғный диянатан зинәкәр ҳүкминде болады. Ҳәм қатты гүнакәр болады. Егер, басқалар нәзеринде шаңарақ болып көринсе де.
Бул истиң ҳарамлығын билгенде ер ямаса ҳаял бирге жасаўдан тыйылып, бир-биринен алысласыўы керек. Егер олар билгеннен кейин де жасайберсе, қазы оларды ажыратып қойыўы керек.
Фасыд неке менен бирге жасап атырған ер адам ҳәм ҳаялдың ҳәр бири екиншисиниң қатнасыўысыз да бул турмысты бийкар етип, тоқтатыў ҳуқықына ийе. Себеби, жаманлықтан илажы барынша тезирек қутылыў парыз болып табылады.
Егер сол сыяқлы неке менен бирге жасап атырған ер адам ҳәм ҳаял өз-ара жыныслық қатнаста болған болса, ер адам ҳаялға маҳри мисл бериўи ўажыб болып қалады.
Фасыд неке менен бирге жасап атырған инсанлар арасында талақ әмелге өтпейди. Яғный, талақ бул орында тартыс темасы емес. Егер фасыд неке менен бирге жасап атырған ер ҳаялға үш талақсан десе де буның менен усы ҳаялға ең исенимли деп есапланған ҳәдис ақд пенен үйлениў оған ҳарам болып қалмайды. Бәлки, бундай «шаңарақ» мутарока (бир-бирин тәрк етиў) менен бир-биринен ажрасады. Ер тәрепинен бул ис «кет, сени тәрк еттим, азат еттим, бар, турмысқа шық» сыяқлы сөзлер менен болады.
Фасыд неке менен бирге жасап атырған ер адам ҳәм ҳаял бул ис ҳарамлығын билгеннен кейин, барлық шәртлери табылған жаңа неке ақды менен бир-бирлерине некелениўи мүмкин. Мәликий мазҳабында болса бундай неке менен бирге жасаған ер ҳәм ҳаял арасы ажыратып қөйылғаннан кейин, бир-бирине некелениўи мәңги ҳарам болады.
Алишер Султанходжаевтан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
