2024-жыл 11-февраль күни Файсал бин Бандар бин Абдулазиз қәўендерлигинде Ар-Рияд қаласында Байланыс ҳәм информация технологиялары министрлиги ҳәм Макнун аўқамы шериклигинде илмий форум өткериледи. Қураны кәриймге хызмет етиўде заманагөй технологиялар ҳәм олардың инвестициясын талқылайтуғын биринши қәнийгелестирилген илмий форум болады.
Бир топар қәнийге ҳәм академиклер қатнасыўындағы бул форум Қуран тиләўаты, ядлаў ҳәм қайта көрип шығыўды аңсатластырыў ушын заманагөй ҳәм раўажланып атырған технологиялардан пайдаланыўға қаратылған. Онда цифрлы Қуран менен байланыслы қатар табыслы тәжирийбе ҳәм платформалар да көрип шығылады.
Саўдиялық академиклердиң элита топары форумда блокчейн технологиялары, жасалма интеллект, интернет ҳәм кеңейтирилген реаллық сыяқлы бир қанша қәнийгелестирилген техникалық жөнелислер бойынша илмий мақалалар арқалы қатнасады. Форумда табыслы цифрлы Қуран, анық платформалар ҳәм оларды моделлестириў ҳәм пайдаланыў мүмкиншиликлери де көрип шығылады.
Соның менен бирге, форумда қатнасыўшылар ортасында Қуран платформаларын раўажландырыў ҳәм тараўдағы пайдалы имканиятларға қаржы киргизиў бойынша бир неше қоспа меморандумлар имзаланады.
Мағлыўмат орнында өткен ҳәпте мәмлекет пайтахты Ар-Риядта дүньяның 42 мәмлекетинен 1800 ден артық программист ҳәм жасалма интеллект бойынша қәнийгелер қатнасыўында Қуран программалары таңлаўы болып өткен еди.
Islom.uz дан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
