Асығыўда пүшайманлық бар!

Ислам дининде социаллық өмирдиң барлық тараўларын­да тәртип-интизам ҳәм нызам-қағыйдаларға қатаң әмел қылыў ҳәм қадаған етилген ҳәр қандай истен узақ бо­лыў айрықша айтылған. Әсиресе, жәмийетлик орынларда инсан өзин тутыўы ҳәм саўап әмеллерди көбейтиўи зәрүр. Соған көре, жолаўшыларға зәлел жеткезиўши затларды шетке алып таслаў ийманның бир бөлеги есапланады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Жолдан адамларға азап беретуғын затларды алып таслаў садақа!” — деп мәрҳәмәт қылған. (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).

Мөмин инсан басқаларға азар бермейди, кишипейил болып, өзгелерге жол береди. Өкиниш пенен айтамыз, кейинги жылларда машиналар саны артқаны сайын, ҳәрекетлениў де қыйын болып баратыр. Әсиресе, базарлар, спорт комплекс­лери, тойханалар, мешитлер алдында базы инсанлар автокөликлерин жолдың қатнаў бөлеги­не тәртипсиз қойып кетиўи жол ҳәрекетине де сезилер­ли тәсир етип атыр. Гейде тез жәрдем ҳәм от өшириўши ма­шиналар жолын тосып қойыў жағдайлары гүзетилип атыр.

Нәбий алайҳиссалам айтады: “Мусылман мусылманлар оның тили ҳәм қолынан саламат болған инсан!” (Имам Муслим рәўияты ).
Сондай екен, жолда боламызба ямаса жәмийет арасындама, басқаларға зәлелимиз тиймеўлиги зәрүр. Тек өзимизди ойлап қандайда бир қылмыс қылсақ, гүнәга батыўымыз ҳеш гәп емес.
Соның менен бирге, айдаўшылар­дың жол ҳәрекети қағыйдаларын буз­баўлығы, толық әмел қылыў­ы, тезликти белгиленген муғдардан асырмаўлығы да мө­минлик қәсийетлеринен­ болып табылады.
Пай­ғамбарымыз саллалла­ҳу алайҳи ўа сал­­лам асығыўлықтан қайтар­ған: “Ҳәй адамлар, қәтержамлықты лазым ту­тың. Себеби жақсылық асығыўлық пенен әмелге аспайды”. Буған, әсиресе, све­тафор­диң жасыл реңи жанбаўынан алдын жолды кесип өтпекши болған пия­да­лар, күтиўге сабры жет­­пейтуғын айдаўшылар жақсы билип алыўы ҳәм әмел етиўи зәрүр. Асықпаўлықта саламатлық, асығыўда пүшайманлық бар.

Пахтакор районы «Шәмурат ата» жамеъ мешити имам-хатиби А.Жолдасовтан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды

About The Author

Жоқарыға