Ояныў дәўириндеги дүньяға көзқарас (биринши мақала)

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.

Европаның Ояныў дәўири (фр. Renaissance, итал. Rinascimento) өз раўажланыўында бир қатар тарийхый басқышлардан өтти:

1) Проторенессанс – XIII әсир — XIV әсир баслары;

2) Ерте Ренессанс (треченто ҳәм кватроченто) XIV әсир ортасынан XV әсирге шекем;

3) Жоқары Ренессанс (чинквиченто) – XVI әсирдиң екинши шерегине шекем;

4) Кешки Ренессанс – XVI әсирдиң екинши шерегинен – XVII әсирдиң биринши ярымына шекем.

«Ояныў» әмелде дәслеп XVI асирде архитектор, сүўреткеш ҳәм көркем өнер тарийхшысы Джордж Вазари тәрепинен Батыс Европада буржуа мүнәсибетлери раўажланыўының дәслепки басқышы менен шәртленген тарийхый дәўирди баянлаў ушын қолланылған. Бул әмелдиң ҳәзир биз билетуғын мәниси француз тарийхшысы Жюлъ Мишле тәрепинен XIX асирде енгизилди.

Ренессанс ҳәм Реформация жаңа көринистеги цивилизацияның раўажланыўы ҳәм аяққа турыўында зәрүрли ролъ ойнады. «Ояныў» әмелде XV-XVI әсирлер даўамында Европаның барлық мәмлекетлерин қамтып алған арнаўлы бир мәдений-идеологик ҳәрекетти аңлатыў мақсетинде қолланылады. Ғайраткерлердиң мақсети — әййемги римликлер ҳәм греклер дүньясындағы қәдирият ҳәм идеалларды қайта тиклеўден ибарат болған. Қәдириятлардың айтылып атырған системасында ең жоқары орынға гуманизм идеялары шығады. Сол себепли де Ояныў дәўириниң ғайраткерлерин көбинесе гуманистлер деп атайды. Гуманизм (инсанийлик) ири идеологик ҳәрекет ретинде раўажланады: ол мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин өз ишине алады, саўдагерлер, ҳәмелдарлар ҳәм ҳәтте жоқары диний топар — папа секретариятын өз қатарына қосып алады. Әне сол идеологик тийкар астында жаңа дүньялық оқымыслы адамлар қәлиплеседи.

Ояныў дәўириндеги дүньяға көзқарасты антропоцентрик ретинде классификациялаў мүмкин. Яғный, космостың орайлық келбети Қудай емес, инсан. Қудай барлықтың басланыўы, инсан болса — дүнья орайы. Жәмийет — Қудай қәлеўиниң өними емес, бәлки инсан искерлигиниң нәтийжеси. Усы дәўир көркем өнеринде инсан жоқары тымсал ретинде көриледи, гөззаллық болса уйқаслық ҳәм норма тийкарында түсиниледи. Орта әсир көркем өнериниң тегис ҳәм денесиз суўретлери өз орнын үш өлшеўли, релефли, бөриктирилген шегараларға босатып берди. Соның менен бирге, Ояныў дәўири көринислериниң көркем, философиялық ҳәм публицистик дөретиўшиликлеринде ширкеўге қарсы жөнелислер де итибарға ийе.

Бул жанрдағы ең жақты дөретпелер ретинде Дж. Боккаччоның (1313-1375) «Декамерон» ҳәм Еразм Роттердамскийдиң (1469 -1536) «Наданлық мадҳи» дөретпелерин айтып өтиў мүмкин.

Жаңа цивилизация бағдарларының қәлиплесиўи. Реформация- XVI әсирде Батыс ҳәм Орайлық Европа мәмлекетлериниң айырымларын қамтып алған католик ширкеўине ҳәм папа ҳәкимиятына қарсы алып барылған кең социаллық-сиясий ҳәм идеологик ҳәрекет. XVI әсир басына келип католик ширкеўи өзин әмелдеги системаның сүйениши деп есаплап, халық аралық тәсир көрсетиўши күшке айланды. Бул болса, өз гезегинде, дүньялық ҳәкимиятты бойсындырыў жолында өз сиясий ҳүкимранлығын орнатыўды қәлеген, папа басшылығындағы католик ширкеўдиң күшли келиспеўшиликлерин келтирип шығарды.

(Даўамы бар)

«Әлем ҳәм адам, дин ҳәм илим» китабы тийкарында Хожели районы «Пирим Ийшан баба» жаме мешити имам-хатиби И.Шерниязов таярлады

About The Author

Жоқарыға