Ғəрезсизлик — уллы неъмат!

Өзбекстан Республикасы өзиниң мəмлекет ғəрезсизлигин қолға киргизгени ҳəм ғəрезсиз раўажланыў жолын баслағанына 33 жыл толды. Ғəрезсизлик ел-журтымыз ушын өз тəғдириниң ҳақыйқый ийеси болып, қәдир-қымбатын аңлап, мүнəсип турмыс кеширип, журтымызда ҳуқықый демократиялық мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетин қурыў мүмкиншилигин жаратты.

Ғəрезсизлик баҳасыз неъмат, себеби, тап усы идея əтирапында көплеген батыр бабаларымыз өзиниң əзийз жанын пидә еткен. Өз ерки өз қолында болмаған миллеттиң келешеги жоқ болып табылады. Журтқа басқыншылық еткен басқыншыларға тəн нәрселер соннан ибарат, олар тəрепинен тек ғана материаллық байлықлар алып кетилмейди, ал, халқы қуллық дəрежесине түсириледи, бəлки, сол халықтың тили, дини ҳəм мəдениятына да ҳүжим етиледи. Жəҳəн цивилизатсиясы ошақларынан бири саналған ҳəм дүньяға даңқы кеткен алымлар журты есапланған ўатанымыз басына да мине сондай сынақлар түскен еди.

Ғəрезсизлик жылларында ески тарийхымыз, бай мийрасларымыз, муқаддес динимиз, үрп-əдет ҳəм дəстүрлеримиз қайта тикленди. Бүгинги күнде мийир-мириўбет, баўырыкеңлик, аўызбиршилик сыяқлы уллы пазыйлетлер, миллий ҳəм улыўмадүьнялық қəдириятларға ҳүрмет, ўатан тəғдири ҳəм келешегине итибар сезими жүрегимиздиң түбинен орын алды.

Өзбекстан Республикасы ғəрезсизлигиниң 33 жыллығын байрамлаў күнинде, өткен дəўир даўамында басып өтилген қурамалы жолымызға тағы бир бар нəзер таслаў, ғəрезсиз раўажланыўымыз даўамында əмелге асырылған жумыслар, ерискен нəтийжелерди қалыс баҳалаў ҳəм олардың мəниси ҳəм əҳмийетин кең жəмийетшилик, пүткил халқымыздың санасына жеткизиў мақсетке муўапық болып табылады.

Ҳақыйқаттан да, ғəрезсизлик себепли өзлигимизди аңладық, азат халық, ғəрезсиз мəмлекет ретинде Өзбекстанның барлығын, үлкен мәмлекет екенлигин дүньяға көринетуғын қылыў мүмкиншилиги ашылды. Азатлық себепли бизди жəҳəн таныды, жанкүйер халқымыздың мийнети, жасларымыздың ғайраты, күш-ғайрат пенен ўатанымыздың даңқы ҳəм атағы əлемге жəне де кеңлеў жайылып атыр. Азатлық берген теңсиз имканиятлар негизинде ертеңги күнимиз — еркин ҳəм пəраўан келешегимизди өз қолымыз бенен қурып атырмыз.

Ғəрезсизлик баҳасыз неъмат болып, мəмлекеттиң раўажланыўы ҳəм раўажланыўында шешиўши рол ойнайды. Усының нəтийжесинде де, ғəрезсизликти сақлаў, жəне оны беккемлеў ҳəр бир жерлесимиздиң муқаддес миннети. Оның ушын жасларымыз тарийхты жақсы билиўи ҳəм оннан өзине керекли жуўмақ шығарыўы керек. Ғəрезсизлик — баҳасыз неъмат екенлигине тарийх гүўа болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы «Пирим Ийшан баба» жаме мешити имам-хатиби И.Шерниязов

About The Author

Жоқарыға