Бизге белгили мәзҳабымызда мужтаҳид имамлардан саналатуғын Имам Әбиў Жаъфар Әт-Таҳаўий раҳимаҳуллаҳтың мухтасар ақыйда шығармасы барлық уламаларымыз тәрепинен мақул болған ҳәм итибарлы саналады.
Бул мухтасардың алдыңғы ҳәм жаңа шолыўлары оғада көп.
Олардың ишинде «Аўўала китабы» сүннет жолы менен баянланып кейнинен олар (Яғный, китап ҳәм сүннет)тен келип шығып ақылға сүйенген дәлиллер менен де шолыў исленген.
Булар Таҳаўийяның әҳли сунна уламалары нәзеринде мақул болған шолыўлар есапланады.
Оларға мысаллар:
— Имам Ғазнаўийдиң шолыўы;
— Имам Шужўуддинниң шолыўы;
— Имам Шайбанийдиң шолыўы;
— Имам Синубийдиң шолыўы;
— Имам Ақҳисарийдиң шолыўы;
— Имам Майданийдиң шолыўы (Аллаҳ таала бул уламаларды Өз раҳматына алсын)
Басқа соларға мегзес көплеген ески ҳәм жаңа шолыўлар …
Екинши топар шолыўлар Әҳли сунна ўәл-жәмәә төрт мәзҳаб уламалары, мужтаҳидлери, муфтий ҳәм мударрислери итибарлы деп есапламаған, туўры манҳаждан шыққан, Имам Таҳаўийдиң сөзлерине де қарсы түрде, тексттеги сөзлерге наразылық ҳәм ислеў бериў менен шолыў исленген шолыўлар.
Оларға мысаллар:
Әййемгилеринен бири Ибну Абил-Изз шолыўы ҳәм соған уқсас заманагөй шолыўлар.
Ибну Абил-Изз раҳимҳуллаҳтың фиқҳқа тийисли қарасларын Ҳанафий мектеби қабыл етпеген, қараслары мәзҳабқа наразылық ҳәм иштибаҳ оятыўдан ибарат болған, өз дәўириниң уламалары буған илимий сын нәзер менен қараған.
Ал, ақыйдадағы шолыўын қалған 3 мектеп уламалары да сүйенсе болатуғын шолыўлардан есапламаған.
Пикир:
Әййемги шолыўлар сүннет китаплардан шықпаған.
Қуран ҳәм ҳәдистен келип шыққан ақылға уғрас ҳүжжет пенен де қоллап-қуўатланады. Буған «мақталған, жақсы кәлам» делинеди. Өйткени, «кәлам» ақыйда илими атларынан бири. Бундай аталыўдың өз себеплери бар.
Мўътазилалар, жаҳмийлер мушаббиҳа ҳәм мужассималар да ақыйдадан сөйлегенде әййемде, әне соны кәлам деп атаған. Кейиншелли, ақыйда сөзи менен бир мәниде қолланыўға өткен. Бул термин, терминологияда болса келиспеўшилик жоқ.
Демек, кәлам илиминиң жақсысы ҳәм жаманы бар. Мәзҳаб уламалары, әҳли сунна имамлары шолыған итибарлы шолыўлар «жақсы кәлам», «дурыс ақыйда», оларды сүннет китаплары менен шолыў исленген шолыўлар деп атайды. Оны «каләмий услуб»та шолыў исленген деп, сүннет китабына қарсы етип көрсетиў, сүннет китабы менен шолыў исленбеген деген идеаны сиңдириў – оғыры унамсыз қәте. Себеби, бул дегени – Ислам уламаларына гүманлы нәзер ҳәм оларға адасқан деген итиқадта болыў дегени ҳәм буның мусылманлар жәмийетинде унамсыз тәсирлери көп …
Илимий ҳақыйқат сол, яғный соларды диний ҳәм илимий аманат жүзесинен, мусылманларға нәсият (қалыслық) бөлиминен жаздым.
Аллаҳтан ғана жеңиллик күтемен, Оған ғана сүйенемен, әлбетте Аллаҳға қайтаман!
Abdikarimov Jaloladdin
