«Әлбетте, Аллаҳ таала Оннан басқа нәрсе болмағанында да бәрқулла болған. Сол ўақытта мәкан да, заман да, булыт та, Арш та, аспан да, ҳаўа да жоқ еди. Аллаҳ болғанындай, қандай болса, сондай болады. Оған ҳалатлар өзгермейди, өйткени, Оның Өзи ҳалатларды жаратыўшы. Ол Аршқа «истиўа» қылған, Оның (сыпатлары) өзгермейди. Арш та аспаннан жоқары – уллы. Аллаҳ таала: «Әлбетте, Аллаҳ тақўа қылғанлар ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен (барқулла) бирге, деген.
(Наҳл сүреси, 128-аят)
Тағы: «(Урыс) қадаған етилген ай – (урыс) қадаған етилген ай менен (усы айларда урысса, онда сизлер де урысың), (аяқ асты қылынған) ҳүрметлердиң (жазасы) – өш алыў. Ким сизлерге ҳүжим қылса, сизлерге ҳүжим қылғанындай дәрежеде сизлер де оған ҳүжим қылың! Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳ тақўалылар менен бирге», деген.
(Бақара сүреси, 194-аят)
Және: «Биз ҳаққымызда (жолымызда) тырысқанларды, Биз, әлбетте, Өз жолымызға баслаймыз. Әлбетте, Аллаҳ шырайлы ис қылыўшылар менен бирге! деген.
(Анкабут сүреси, 69-аят)
Тағы: «Әлбетте, инсанды (Биз) жаратқанбыз, (демек,) оның нәпси нени ўасўаса етиўин (кеўлинен өтетуғын нәрсени) билемиз. Биз оған мойын тамырынан да жақынбыз», деген.
(Қоф сүреси, 16-аят)
Және: Әлбетте, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме нәрсени билиўин аңламадың ба? Үш адамның өз ара сыбырласып сөйлесиўи болса, әлбетте, олардың төртиншиси – Ол. Бес адамның да, алтыншысы – Ол. Буннан аз болса да, көп болса да ҳәм қай жерде болса да, әлбетте, Аллаҳ – олар менен бирге. Соң қыямет күни оларға ислеген ислериниң хабарын береди. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши, деген.
(Мужадала сүреси, 7-аят)
Тағы: «Егер сизлер оған (Муҳаммадқа) жәрдем бермесеңиз де, Аллаҳ (Өзи) оған жәрдем берди. Кәпирлер оны еки адамнан бири сыпатында (ўатанынан) шығарып жиберип, екеўи үңгирде турғанда, (Муҳаммад) жолдасы (Әбиў Бәкир)ге: «Қапа болма! Аллаҳ, бизлер менен бирге», – деди. Сонда, Аллаҳ оны тынышландырды ҳәм сизлер көрмеген ләшкер (периште)лер менен қоллады. Күпир келтиргенлердиң сөзин пәс қылды. Ал, Аллаҳтың сөзи – ол жоқары. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли, деген.
(Тәўбә сүреси, 40-аят)
Буның бәршеси, әлбетте, Аллаҳ болғанлығынан өзгермейтуғын екенлигин аңлатады. Бирақ, ақылда туўры гәп сол, яғный Аллаҳты жаратылыслардан ажыралған яки жабысқан, жаратылыслардан шыққан яки олар арасына кирген, деп баянлап болмайды. бизлердиң итиқадымыз сондай. Буны түсинип ал!»
Имам Матуридий. «Таўҳид» китабы. 3-бөлим.
Аллаҳ дәслеп қандай болса, ҳәзир де тап сондай. Буннан кейин кейин де тап сондай болып қалады. Аллаҳ аспанлар, Арш-Курсий ҳәм басқа нәрселер жоқ ўақтында да болған. Өйткени, аспанды ҳәм Арш-Курсий сыяқлыларды Оның Өзи жаратқан. Әҳли сунна ўәл жәмәә итиқадына көре, соның ушын да Аллаҳты аспанда деп болмайды. “Истиўа” ҳәм булл жерде аяты кәриймаларда келтирилген “биргелик”, “жақын болыў” киби қәсийетлери муташабеҳ – мәниси бизлерге белгили емес қәсийетлер деп аталады. Олардың ҳақыйқый мәнисин Аллаҳтың Өзи биледи. Бизлердиң кемис ақылымыз түсиниўи ушын усы қәсийетлерди “жаратыў”, “ҳүкимин өткериў”, “раҳмат ҳәм берекетин түсириў” киби мәнилер менен таъўил қыламыз.
Дереклер тийкарында Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Abdikarimov Jaloladdin
