БИР ИНСАНДЫ КӘПИРЛИКТЕ АЙЫПЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

 

Бүгинги күнде мәзҳабсызлар мусылманларды кәпирге шығарыў менен ең аўыр гунаға батпақта. Буннан көзленген тийкарғы мақсет болса, инсаналарды кәпирликте айыплап, сол арқалы оларға қарсы урыс жәриялаўға сылтаў табыў.

Мәзҳабсызлардан бири: «Ҳәзирги ўақытта дүньяның барлық жери куфр үлкеси, ҳәтте Мәккә ҳәм Мадина да», – деп дөҳмет тарқатады.

Исламнан аз ғана хабары бар ҳәр қандай инсан бул гәплерди айтыўдан өзин тыяды. Себеби, бир үлкеде жасайтуғын адамлардың ҳәммесин кәпирге шығарыў ҳәмде пүтин баслы мәмлекетлерди куфр үлкеси, деп атаў оғада наданлық болып, бундай сөзлерди тек ғәплеттеги, илимсиз ҳәм надан адам ғана айтыўы мүмкин. 

Өйткени, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким бәршени жаман десе өзи жаман» – деген.  Ислам дини көрсетпелеринде де бир инсанды кәпир деўге асықпаў, оған ислеп атырған исиниң надурыс екенин жатығы менен түсиндириў лазымлығы атап өтиледи.

Ислам дини тәлиматына көре, Аллаҳтың жалғыз екенлиги, Пайғамбар алайҳиссалам Оның елшиси екенлигине ийман келтирген, ислам динине итиқад  қылатуғын ҳәр қандай киси мусылман есапланады. Ҳеш кимге инсанның ийманын өлшеў, оның мусылман яки кәпирлигин анықлаў ҳуқықы берилмеген. Себеби, ийман қәлбте болады. Қәлб болса, тек Аллаҳтың ҳүкиминде.

Дәўиримиздиң атақлы уламасы доктор Юсуф  Қарзаўий бир мусылманды кәпирге шығарыў ҳаққындағы сораўға төмендегише жуўап берген: «Ким Аллаҳтан өзге иләҳ жоқ ҳәм Муҳаммад алайҳиссалам Оның расулы екенлигине қәлби менен тастыйықлаған ҳалда гүўалық берсе, ол мусылман. Оған ҳәмме мусылманларға қылынатуғын мәмиле қылыныўы керек».

Бүгинги күнде мәзҳабсыз фитнашылар мусылманларға «кәпир» – деп айып қойып, динлеслерине қарсы урыс жәриялаўға шекем жетип бармақта. Олар өз жәмәәтлеринен шетлескенлерди, ҳижрат қылмағанларды, олар «кәпир» деген кисини кәпир есапламайтуғын адамларды «куфр»де айыплап өлтирмекте. Ислам тәлиматына көре, ширктен тысқары ҳәр қандай гуна қылған адам сол гунасын ҳадал, деп есапламас екен, кәпир болмайды.

Abdukarimov Jaloladdin

About The Author

Жоқарыға