1-БӨЛИМ
Абдуллаҳ ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ҳақыйқый мусылман – мусылманлар оның тилинен ҳәм қолынан саламат болған адам. Ҳақыйқый муҳажир – Аллаҳ қайтарған нәрседен узақта болған адам», — деди».
Бесеўи рәўият қылған.
Термизий ҳәм Насаийлар:
«Мөмин – адамлар оған қанларын ҳәм малларын исенген адам» дегенди зыяда қылған.
Шолыў: Усы ҳәдисте ҳәмде оған Термизий ҳәм Насаийлар рәўиятындағы қосымшада үш әҳмийетли мәселе, үш әҳмийетли тәрийп келмекте. Яғный, ҳақыйқый абзал мусылман, абзал муҳажир ҳәм абзал мөмин ҳаққында айтылмақта. Усы ҳәдисте келген мусылман, муҳажир ҳәм мөмин тәрийпи абзаллық тәрийпидур. Мысалы ушын, «Ҳақыйқый мусылман – мусылманлар оның тилинен ҳәм қолынан саламат болған адам» деген сөзден «мусылманларға тили ҳәм қолы менен азар жеткерген адам мусылман болмайды» деген мәни шықпайды. Бул тәрийптеди гәплер, «пәленшени адам десе болады», «пәленше ҳақыйқый адам» деген гәпке уқсайды. Исламның бес рукнлерине әмел қылған адам мусылман есаплана береди. Бирақ, мусылманларға азар бермеген, оларға тили ҳәм қолы менен зыян жеткермеген адам абзал мусылман болады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның абзал мусылманды бундай тәрийплеўинде аз сөз бенен үлкен мәнини аңлатыў, сөзлик байлықларынан усталық пенен пайдалыныўдың жоқары дәрежеси өз көринисин тапқан.
Ислам, мусылман сөзлери «саламатлық» «тынышлық» мәнилерин аңлатады. Соның ушын да, мусылман адам – өзге адамлар оның жаманлықларынан тыныш ҳәм саламат болған инсан, делинбекте.
«Тилинен ҳәм қолынан» делингенде тек усы еки ағзаны нәзерде тутылған емес. Әдетте, көбирек адамларға тил ҳәм қолдан зыян, азар жетеди. Буннан басқа усыл ҳәм жоллар менен азар бериў де усыларға кирип кетеди. Ким бул исти қылса, мусылманлық дәрежелерин жоғалтады.
«Муҳажир» ҳижрат қылыўшы (басқа орынға көшиўши) дегени. Ҳижрат Аллаҳтың жолында, дин-дыянат жолында ел-журттан ажыраў. Бул уллы дәреже Исламда пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бас болып мусылманлар мушриклердиң езиўшилиги себепли ана журты – Мәккәи Мукарраманы таслап, Мадинаи Мунаўўараға ҳижрат қылғанларынан басланған.
Дереклер тийкарында Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Allayarov Ismoil
