Рамазаннан алдын қылынатуғын әмеллер
Ҳəр жыл мүбәрек Рамазан айы жақынласқанда оған өзгеше таярлық көремиз. Себеби бул айды жəне де пайызлы, көтериңки руўҳта өткериў ушын Рамазанға шын мəнисте таярланыў талап етиледи. Бул ай басқалары сыяқлы əпиўайы өтип кетпеўи керек. Усы мəнисте төменде Рамазоннан алдын қылынатуғын əмеллер ҳаққында қысқа сүўретте тоқталып өтемиз. Булар Рамазанға таярлықтың бир бөлеги есапланады.
- Ағайин-туўысқан ҳəм жетим-жесирлер жағдайынан хабар алыў.
Бул исти жыл бойы қылыў керек. Бирақ силаи раҳм ҳəм мийир-мириўбет көрсетиўге Рамазаннан алдын бөлек итибар менен кирисиў жəне де мақсетке муўапық. Бунда тек материаллық тəреп тийкарғы орында болмайды. Бəлки имканиятын тапқанлар материаллық тəрептен, басқалар жақсы мəмиле, шырайлы нәзер ҳəм мыйық тартыў, еки аўыз шийрин сөз бенен болса да адамлар кеўилине қуўаныш киргизиўи, жетим-жесирлер кеўилин таўдай көтериўи мүмкин. Бул ай басланыўынан алдын имканияты барлар қыйналған, бағыўшысын жойтқан мискин ҳəм сорлыларға материаллық тəрептен жəрдем берсе, олардың дуўасы шарапатынан дүнья ҳəм ақырет ислерине берекет киреди. Көпшилик Рамазанда ифтарлық қылып кимозарға ойнайды. Тийкарынан ифтарлықтың ең жақсысы ҳақдарларға тамақ бериў ҳəм оларды кийим пенен тəмийинлеў болып табылады. Мине сонысы Аллаҳ дəргайында шырайлы қабыл болатуғын әмел болады.
- Кек ҳәм қапаласыўларды тоқтатыў.
Рамазан адамлар арасындағы кек, жəнжел, қапаласыў, өкпелесиўди тоқтатыў айыдур. Себеби дос-яран, аға-ини, әжапа-қарындас, қайнана-келин арасында келиспеўшилик болса, тутылған оразалар, қылынған хатмы Қуран ҳəм басқа саўаплы ислер кәмил болмайды. Бəлки ҳəмме исти араны жақсылаўдан баслаў керек. Бунда бир тəреп екинши тəрептен өзин төмен алып, айбы болмаса да жақсылық усынысы менен шықса əп-əнедей болады. Өзи биреў менен урыспаған тəғдирде де қайсы бир бенде өкпелескенлер арасын жарастырса, үлкен саўап ҳəм мəртебелерге ериседи.
- Мойнындағы қарызларын төлеў.
Рамазаннан алдын алынған қарызларды үзиў де жақсы ис. Әлбетте егер имканиятыңыз болса, кешиктирмей тезде алынған қарызды қайтарың. Сонда қарыз берген адам да қуўанышлы болады, қәлбиңизге биймəлеллик киреди. Егер имканиятыңыз бола турып, қарызды созып жүрсеңиз үлкен гүнаға қаласыз, қарыз берген адамға зулым еткен, оның ҳақын жеп жүрген боласыз.
Сол орында имарат қурған, қандайда қурылыс қылып атырған адамлар усталар ҳақын бериўди умытқан ямаса бериўди созып жүрген болса, уста ҳақын бериўи кереклигин де бөлек ескертип өтемиз. Хызмет еткен адам ҳақын бермей созып жүриў мусылман адамға туўры келмейтуғын ис болып табылады. Ҳәдиси шәрийфлерде төлеўге мүмкиншилиги бар бола турып қарызын созып жүриў зулым екенлиги айтылады.
Қарыз мəселеси ашылғанында адамлардың мəмлекеттен қарыздарлығы ядқа келеди. Мəмлекет бизге суў, газ, електр енергиясы сыяқлы турмыслық зəрүрли нәрселерди жеткезип береди. Оның ушын олар ҳақын төлеп қойыўы да керек. Туўры бул неъматлардың жаратыўшысы Аллаҳ. Буған гүман жоқ. Бирақ əпиўайы адам мəмлекет жəрдемисиз жерден газ қазып алалмайды, суўға бөгет орнатып, өз қəлеўинше енергия шығара алмайды ямаса таўдан киятырған суўды тазалап, өз үйине шекем алып келе алмайды. Бул мəмлекеттиң иси. Бул ислер өз-өзинен болмайды. Оның ушын ғəрежет қылыў, жумысшыларға айлық бериў керек. Биз төлейтуғын пуллар мине сондай ғəрежетлерге кетеди. Қулласы, Рамазаннан алдын мəмлекет алдындағы қарызларымызды да төлеп қойыўымыз керек.
- Көшелер тазалығына итибар бериў.
Мəҳеллелер, көше ҳəм үйлеримиз абатлығы, пəкизелиги менен Рамазанның пайызына жағымлылық қосылады. Себеби пəклик ийманнан болып табылады. Бул жумысты Рамазаннан басқа ўақытларда да қылыў керек. Бирақ Рамазан айы кириўинен алдын тазалыққа, пəкликке тағы да итибарлырақ болыў талап етиледи. Алдынлары апаларымыз Рамазаннан алдын үйди толық тазалап шығатуғын еди. Мине сол ийгиликли əмелди даўам еттириў биз әўладлар миннети. Бунда ер адамлар бас-қас болып, əйеллер менен шерикликте, татыўлықта жумыс алып барса мақсетке муўапық болады. Пəклик дегенде тек үйлер пəклиги емес, бəлки кийим, қалаберсе қәлб пəклиги де нəзерде тутылады.
Жоқарыда санап өтилген ислерди Рамазаннан алдын қылыў жақсы. Туўры бул ислерди қылмастан да Рамазанды өткериў мүмкин. Бирақ кеўилдегидей емес. Мусылман бенде жылда бир рет келетуғын Рамазан айын өзгеше таярлық ҳəм көтериңки руўҳта өткереди. Мине сол нәрсе оның ийманы қайсы дəрежеде қуўатлы екенинен билдирги береди.
Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы «Пирим Ийшан баба» жаме мешити имам-хатиби И.Шерниязов
