Қәлпеки тарыйқатшыларға раддия!

Суфизм бағдарында да түп суфизмди түсинбестен, бузып талқылайтуғын тайпалар ушырасып турады. Олардың искерлигине биздиң қарсы болып атырған ең тийкарғы мəселелердиң бири тарыйқатға кирген адамға илимниң шəрт емеслиги ҳəм ҳəтте илимди тәрк қылыў абзаллығы.

Айырым қәлпеки тарыйқатшылар тəрепинен суфизмниң мазмунын бузып, оның тəлийматы, шәрият ҳүкимлери жəне социал турмыстан узақласқан ҳалда айтылып атыр, Исламда қандайда бир шайхқа мурид болыў ҳеш кимге парыз етилмеген. Тарыйқатшылардың “Пири жоқтың пири шайтан” деген қəте шақырығы ҳеш қандай шәрий дəлилге ийе емес. Айырым аймақларда пирге ерген тарыйқатшылардың қаза болған намазлары ҳəм оразасы сақыт болыўы ҳаққындағы шақырығы Исламға пүткиллей қарсы болып табылады. Суфийликке шақырып атырған шахслар шаңарағын айлап ақшасыз, балаларын болса тəрбиясыз қалдырған ҳалда пирдиң хызметин қылып жүриўи ҳəм биреўдиң садақасы менен күн кешириўи социал иллет болып, ислам тəлийматына ҳəм сап Нақшбандия тəлийматына қарсы болып табылады.

Нақшбандия тəлийматында сондай алтын қағыйда бар: “Дилба ёру дастба кор”. Бул қағыйда дүнья әҳли тəн алған алтын қағыйдаға айланды. Оған ҳеш ким қарсылық билдире алмайды. Сондай екен ким болыўына қарамастан ҳадал кəсип пенен шаңарағын таслап кетпестен, тәрки дүньялық етпестен шаңарағына ҳəм перзентлерине ғамхор болыў талап етиледи. Ҳәдиси шәрийфлерден биринде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам «Исламда тәрки дүньялық жоқ» деди.

Тарыйқат илими — әўеле, шəрият илимлерин кәмил ийелегеннен кейин үйренилетуғын илим болып табылады. Бул ҳаққында уллы мутасаўўиф алым Аҳмад Яссаўий: ”Шəриятсыз тарыйқатға киргенлердиң, шайтан келип ийманын алар ермиш”-десе, Суўфи Аллаяр: «Шариатсиз агар учса ҳавоға, инонмағил анингдек худнамоға”, — деп тəлим береди. Сол орында марҳум шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзреттиң “Суфизм ҳаққында ойда саўлелендириў” атлы китабында келтирилген ўақыя мазмунын еслеў жеткиликли: “Бир “суўфий” ўәлаят хатибине депти: “Келиң, бирадар болайық”. Дамла: “Биз оңсызда бирадармыз” — десе, суўфий: “Бирадар болыўымыз ушын бизиң пиримизге қол бериўиңиз керек” — депти. Сонда дамла: “Мейли, ондай болса, маған ғусылдың парызларын айтып бериң?” — дегенинде суўфий айтып бере алмаған екен”. Әмелдеги дин илимпазларының пәтўаларын тəн алмастан, илимсиз пирге сүйенетуғын, тарыйқаттың тийкарынан улыўма хабарсыз, тек атының-ғана мәнисин билетуғын “тарыйқат”шыларға ашынып кетесен.

Қәлпеки тарыйқатшылардың тийкарғы шақырықларынан бири пирге қол бергенниң қаза намазлары ҳəм оразалары сақыт болады дегени. Бул шақырығына раддия ретинде төмендеги дəлиллерди келтиремиз; Ҳанафий уламаларынан Шайх Аҳмад Маъруф Мулла Жиўан Садықыйдың “Нурул Анўар фий шарҳи рисалатил манар” китабында сондай сөзлер келтириледи; Буйрық пенен орынланыўы шəрт болған ибадатлардың қазалары да орынланыўы шəрт болады делинди. Мысалы: Тоҳа сүресиниң 14-аятында Рәббимиз сондай мәрҳәмәт етеди; “Мени зикир етиў ушын намазды толық орынла” бул Рәббимиз тәрепинен болған буйрық якы Бақара сүресиниң 183-аятында сондай мәрҳәмәт етиледи; “Ей ийман келтиргенлер сизлерден алдынғыларға парыз етилгени сыяқлы сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей тақўадар болсаңыз” мине сондай буйрықлар менен келген ибадатлардың қазасы да орынланыўы шəрт делинип атыр. Фатаўаий ҳиндия китабының “қаза бабының 134-бетинде” сондай делинген: Намаз орынланыўы шəрт болғаннан кейин қазасы да орынланыўы шəрт болады. Қасттан, умытып ямаса уйқлап қалыў себепли болса да, қаза болған намаз көп болса да аз болса да, қаза болған намазлар орынланыўы шəрт болады.

Ғəрезсизлигимиз шарапаты себепли уллы алымлар мəкəны болған үлкемизде Ислам илими де оғада гүлленип баратыр, қысқа мүддет ишинде ҳəўес ететуғын дəрежеге жетип атыр. Сондай бир дəўирде итиқадымызды əллеқандай қара басының ғамын ойлаўшылар қолына тапсырмастан, илимли уламаларымызға мүрәжәәт етейик. Итиқад жолымызды таңлаўда олардың мəслаҳəтине қулақ салайық. Әне сонда-ғана Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам болжаў берген, қыяметге шекем ҳақ жолдан тайылмайтуғын үммет боламыз!

Хожели районы «Пирим Ийшан баба» жаме мешити имам-хатиби И.Шерниязов

About The Author

Жоқарыға