Араблар бир неше қәўимлерге бөлинип жасағанын билемиз. Ҳәр бир қәўимниң өз диалекти бар. Бул диалектиндеги айырмашылықлар сөйлесиўде сезилсе де, мәнисине үлкен тәсир етпейди. Бул да араб тилиниң тартымлылығы ҳәм кең қамтыўлылығының бир көриниси болып табылады. Қуранның араб тилинде «жети ҳәрип»те нәзил болыў ҳикметиниң сыры да сонда.
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Ҳишам ибн Ҳаким «Фурқон» сүресин мениң қирәәтимнен басқаша қирәәт қылып атырғанын еситип қалдым. Оны маған Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қирәәт қылдырған еди. Асығып, оны бир нәрсе қылып қойыўыма сәл қалды (ол намазда еди). Кейин (намаздан) шыққанша тиймей турдым.
Соң оны шекпенинен услап, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына алып бардым ҳәм:
«Я Аллаҳтың Расулы! Әлбетте, мен мына-ның «Фурқон» сүресин сиз маған қирәәт қылдырғаныңыздан басқаша қирәәт қылып атырғанын еситип қалдым», – дедим.
«Оны жибер. Оқы, ҳәй Ҳишам», – деди.
Ол мен еситкендей қирәәт қылды.
Сонда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мине, усындай нәзил қылынған», – деди ҳәм маған:
«Оқы», – деди. Мен оқыдым. Ол: «Мине, усындай нәзил қылынған. Әлбетте, Қуран жети ҳәрипте нәзил қылынған. Оннан миясар болғанында қирәәт қылың», – деди».
Қуранның «жети ҳәрип»те нәзил болыўы ҳаққында ҳәр қыйлы көзқараслар бар. Соның ишинде, Ибн Атия раҳимаҳуллаҳ былай деген: «Бул «жети ҳәрип»тен араб тилиниң диалектлери нәзерде тутылған болып, Қуран төмендеги араб қәўимлериниң диалектлеринде нәзил болған: Қурайш, Кинана, Асад, Ҳузайл, Тамим, Қайс, Айлан, Яман».
Бул жети қәўимниң атлары бойынша да ҳәр қыйлы пикирлер бар. Соның ишинде, Әбиў Хатим Сижистаний раҳимаҳуллаҳ Қурайш, Ҳузайл, Тайм ар-Рубаб, Азд, Рабиъа, Ҳаўазан ҳәм Саъд ибн Бәкир қәўимлерин санап өткен.
Соны да айрықша атап өтиў керек, Қуран-дағы ҳәр бир сөз «жети ҳәрип»те нәзил болмаған, ал айырым сөзлерди ғана «жети ҳәрип»те оқыў мүмкин. Бул Қуранда жүдә сийрек ушырасатуғын жағдай болып, сөздиң айтылыўы ҳәр қыйлы болса да, мәнисине тәсир етпейди.
Сондай-ақ, айырым алымлар Қуранның «жети ҳәрип»те нәзил болыўын диалектлерге байланыстырмайды. Олардың пикиринше, Қуран «жети ҳәрип»те, яғный ўажҳ (жөнелис, усыл)да оқылады ҳәм Қуранды усы ҳәриплерде оқыў мәжбүрий емес, ал ықтыярлы әмел есапланады.
Соның ишинде, Әбул Фазл Розий раҳима-ҳуллаҳ «жети ҳәрип»ти төмендегише түсиндирген:
1. Атлықлардың бирлик, екилик, көплик яки музаккар (еркек жынысы) ҳәм муаннас (ҳаял жынысы) көринисинде айтылыўы менен байланыслы ҳәр түрлилик;
2. Фейиллердиң өткен мәҳәл, ҳәзирги мәҳәл, келер мәҳәл ҳәм буйрық мейил түринде келиўи менен байланыслы ҳәр түрлилик;
3. Эъроб (сепликлер)диң түрлери менен байланыслы ҳәр түрлилик;
4. Кемислик ҳәм артықшылық пенен байланыслы ҳәр түрлилик;
5. Усыныс ҳәм иркилис (биринши зикир етиў, кейин зикр етиў) менен байланыслы ҳәр түрлилик;
6. Алмастырыў менен байланыслы ҳәр түрлилик;
7. Фатҳа қылыў, имола, тарқиқ, тафҳим, идғам, билдириў ҳәм басқа усы сыяқлы тажўийд қағыйдалары менен байланыслы ҳәр түрлилик.
Алымлар, мине, усы бөлистириў «жети ҳәрип» түсиниги бойынша берилген ең дурыс түсиник екенин атап өтеди.
Усы жерде сораў туўылыўы тәбийий: «Ҳәзир бизлер оқып атырған Қуранда усы «жети ҳәрип бар ма? Ямаса қолымыздағы Қуран бир ҳәрипте жазылған ба?»
Көпшилик уламалар «жети ҳәрип» ҳәзир де бар екенин, Усман разыяллаҳу анҳу Мусҳа-фында Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өмириниң ақырында Жәбрайыл алайҳисса-ламға оқып берген Қуранның барлық қирәәт-лери орын алғанын атап өтеди. Соның ишинде, Имам Мәлик, алым Ибн Қутайба, алым Әбул Фазл Розий, Қазы Әбиў Бәкир ибн Тоййиб, Қазы Ияз, алым Ибн Ҳазм, алым Әбул Ўалид Бажий, имам Ғаззалий ҳәм Молла Әлий Қарый раҳимаҳуллаҳлар, сондай-ақ, мутааххир (кейинги) уламалардан Шаҳ Ўалиюллаҳ Деҳлаўий, Анўар Шаҳ Кашмирий, алым Заҳид Каўсарий раҳимаҳуллаҳлар, Мысырдың белгили уламаларынан Муҳаммад Мутиий, алым Димиятий, Шайх Абдулазим Зарқоний раҳимаҳуллаҳлар да «жети ҳәрип» ҳәзирги Қуранда бар екенини айтқан.
«Жети ҳәрип» ҳəм жети қирәәт
Айырым инсанлар Қуранның «жети ҳәрип»те нәзил болыўын Оның жети қирәәтте оқылыўы деп түсинеди. Бул – надурыс түсиник. Себеби, қирәәтлердиң саны жети менен шекленбейди. Қуран қирәәтлериниң тарийхы ҳаққында Ибн Әбиў Ҳашим раҳимаҳуллаҳ былай деген: «Жети ҳәм басқа қирәәтлердиң ҳәр қыйлы оқылыўының себеби сонда, Усман разыяллаҳу анҳу Қураны кәриймди Қурайш диалектинде жазып, ҳәр түрли қалаларға бир саҳаба менен қосып жиберген. Бул саҳаба өзи барған қалада халыққа Усман разыяллаҳу анҳу жаздырған Мусҳафтан тәлим берген. Ол ўақытта Мусҳаф-ларда ноқатлар, ҳәрекетлер ҳәм фигуралар болмаған. Қала халқы өзлерине муғаллим сыпатында жиберилген саҳабалардан Қуран оқыўды қалай үйренген болса, солай қирәәт қылған. Саҳабалар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан қалай тәлим алған болса, сондай етип қирәәт қылған. Ҳәр түрли қалаларда Қуранның ҳәрекетлери, ноқатлары ҳәм формалары ҳәр қыйлы түсиндирилсе де, Усман разыяллаҳу анҳу жаздырған Мусҳафтың көринисине муўапық болған. Ал, бул Мусҳафтың көри-нисине муўапық болмағанлары, тәрк етилген. Себеби, саҳабалар ықтыятлық ушын соған келисип алған. Әйне усы факторлар себепли сол қалалардағы қарыйлардың қирәәтлери арасында ҳәр қыйлылық жүзеге келген. Бирақ, барлық қарыйлар Усман разыяллаҳу анҳу жаздырған Мусҳафтың көринисине муўапық қирәәт қылған.
Мәккий ибн Әбиў Талиб раҳимаҳуллаҳ былай дейди: «Қуранның «жети ҳәрип»те нәзил болғанын жети қирәәтте оқыў деп түсиниў – турпайы қәте».
«Жети ҳәрип» ҳәм жети қирәәт арасында айырым парықлар бар. Солардан бири «жети ҳәрип» улыўмарақ мәнини аңлатады. Яғный, «жети ҳәрип» ишине жети яки он қирәәт киреди. Жети қирәәт «жети ҳәрип»тиң бир бөлеги саналады. Қуран «жети ҳәрип»те нәзил болған, яғный Қуранды жети усылда қирәәт қылыў мүмкин. Бул «жети ҳәрип» өз нәўбетинде түрли қирәәтлерге бөлинеди. Усы тәризде он түрли қирәәт жүзеге келеди. Бул қирәәтлер аятлардың мәнис-мазмунына тәсир етпейди ҳәм Мусҳафтағы ҳәриплердиң көринисин өзгертетуғын дәрежеде ҳәр қыйлылықты келтирип шығармайды.
Саҳабалар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан Қуранды қалай үйренген болса, табеийнлерге солай үйреткен. Табаа табеийнлер дәўирине келип, айырым қарыйлар Қуран қирәәти менен өз алдына шуғыллана баслады. Олар табеийнлерден қалай үйренген болса, Қуранды солай қирәәт қылып ҳәм басқаларға да сол қирәәтти үйрететуғын еди. Усы тәризде әсте-ақырын қирәәт мектеп-лери қәлиплесе баслады. Нәтийжеде, белгили бир қарыйдың аты менен аталатуғын арнаўлы қирәәт жөнелислери пайда болды. Бул қарыйлар Қуран қирәәтин жаңадан ойлап таппаған, ал Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, саҳабалар ҳәм табеийнлерден рәўият қылынған исенимли ҳәдислер негизинде мектеплерге тийкар салған.
Ҳәзирги күни Қуранның он түрли қирәәти бар болып, олардан жетеўи ҳақыйқый рәўият-лар менен беккемленген, ал қалған үшеўи усы он қирәәтти толықтырып туратуғын қирәәтлер сыпатында танылған. Бул он қирәәт төмендеги қирәәт имамларының искерлиги менен байланыслы:
1. Нафеъ ибн Абдураҳман ибн Әбиў Нуъайм ал-Маданий раҳимаҳуллаҳ.
2. Абдуллаҳ ибн Кәсийр ад-Дарий ал-Мәккий раҳимаҳуллаҳ.
3. Әбиў Амр ибн ал-Ала ал-Басрий раҳимаҳуллаҳ.
4. Абдуллаҳ ибн Әмир ал-Яҳсибий аш-Шамий раҳимаҳуллаҳ.
5. Асим ибн Әбиў Нажуд ал-Асадий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳ.
6. Ҳамза ибн Ҳабиб аз-Зайят ал-Куфий раҳимаҳуллаҳ.
7. Әбул Ҳасан Әлий ибн Ҳамза ал-Кисаий ан-Наҳўий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳ.
8. Әбиў Жаъфар Язид ибн Қаъқаъ ал-Маданий раҳимаҳуллаҳ.
9. Яқуб ибн Исҳақ ал-Ҳазрамий ал-Басрий раҳимаҳуллаҳ.
10. Халаф ибн Ҳишам раҳимаҳуллаҳ.
Бул қирәәт имамларының ҳәр биринен еки рәўий қирәәтти рәўият қылған болып, олар қирәәт рәўийлери сыпатында тән алынады:
Нафеъ ибн Абдураҳман ибн Әбиў Нуъайм ал-Маданий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Қалун – Ийса ибн Мина аз-Зарқий раҳимаҳуллаҳ.
2. Ўарш – Усман ибн Саъийд ал-Мысрий раҳимаҳуллаҳ.
Абдуллаҳ ибн Кәсийр ад-Дарий ал-Мәккий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Аҳмад ибн Муҳаммад ал-Баззий раҳимаҳуллаҳ.
2. Қунбул – Муҳаммад ибн Абдураҳман ал-Мәккий раҳимаҳуллаҳ.
Әбиў Амр ибн ал-Ала ал-Басрий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Ҳафс ибн Амр ад-Даўрий раҳимаҳуллаҳ.
2. Ас-Сусий раҳимаҳуллаҳ
Абдуллаҳ ибн Әмир ал-Яҳсибий аш-Шамий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Ҳишам ибн Аммар ас-Суламий ад-Димашқий раҳимаҳуллаҳ.
2. Ибн Закўан – Абдуллаҳ ибн Аҳмад ибн Башр ибн Закўан ал-Қураший ал-Фаҳирий ад-Димашқий раҳимаҳуллаҳ.
Асим ибн Әбиў Нажуд ал-Асадий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Шуъба – Әбиў Бәкир ибн Ияш ибн Салим ал-Куфий ал-Асадий ал-Ҳаннат раҳимаҳуллаҳ.
2. Ҳафс ибн Сулайман ибн ал-Муғийра ал-Асадий ал-Куфий ал-Ғазирий ал-Баззаз раҳимаҳуллаҳ.
Ҳамза ибн Ҳабиб аз-Зайят ал-Куфий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Халаф ибн Ҳишам ал-Асадий ал-Бағдадий раҳимаҳуллаҳ.
2. Халлад ибн Холид аш-Шайбаний ас-Сайра-фий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳ.
Әбул Ҳасан Әлий ибн Ҳамза ал-Кисаий ан-Наҳўий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Әбул Ҳарис ал-Лайс ибн Холид ал-Бағда-дий раҳимаҳуллаҳ.
2. Ҳафс ибн Амр ад-Даўрий раҳимаҳуллаҳ.
Әбиў Жаъфар Язид ибн Қаъқаъ ал-Маданий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Ийса ибн Ўардан ал-Маданий раҳимаҳуллаҳ.
2. Ибн Жаммаз – Сулайман ибн Муслим раҳимаҳуллаҳ.
Яқуб ибн Исҳақ ал-Ҳазрамий ал-Басрий раҳимаҳуллаҳтан:
1. Руўайс – Муҳаммад ибн ал-Мутаўаккил ал-Луълуъий ал-Басрий раҳимаҳуллаҳ.
2. Руҳ ибн Абдулмумин ал-Басрий раҳимаҳуллаҳ.
Халаф ибн Ҳишам раҳимаҳуллаҳтан:
1. Исҳақ ибн Ибраҳим ал-Марўазий ал-Бағдадий раҳимаҳуллаҳ.
2. Идрис ибн Абдулкәрийм ал-Ҳаддад ал-Бағдадий раҳимаҳуллаҳ қирәәтлерди рәўият қылған.
Ҳәзирги күни Қураны кәрийм Ҳафс ибн Сулайман ибн ал-Муғийра ал-Асадий ал-Куфий ал-Ғозирий ал-Баззаз раҳимаҳуллаҳтың Асим ибн Әбиў Нажуд ал-Асадий ал-Куфий раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылған қирәәти тийкарында басып шығарылады.
Диний мәресимде, илаж ҳәм билим бериўде, сондай-ақ, Рамазандағы Қуран хатмларында, әдетте, Имам Ҳафс раҳимаҳуллаҳтың Имам Асим раҳимаҳуллаҳтан рәўият қылынған қирәәти тиләўат қылынады. Бул қирәәт халық арасында «Ҳафс қирәәти» деп аталады. Елимизде де, мине, усы қирәәт кең тарқалған. Орта Азия аймағында усы қирәәттен басқалары дерлик оқылмайды. Соның ушын, бул аймақ халқында қалған қирәәтлерди тыңлағанда түрли сораўлар пайда болыўы тәбийий, әлбетте. Бирақ, буннан Ҳафс қирәәтинен басқа қирәәтлерди оқыў мүмкин емес, деген жуўмақ келип шықпайды. Барлық он қирәәт ҳәм де олардан рәўият қылынған 20 ўажҳ (жөнелис, усыл) Усман Мусҳафына муўапық болып, оны намазларда яки басқа мүнәсибет пенен оқыўға руқсат етиледи. Бул оқыўлардың барлығы Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм саҳабалар оқыған қирәәт болып есапланады. Қуран аятларындағы кәлиймалардың ҳәр бир ҳәрибине он саўап берилиўи, Қуранның ақыретте шәпәәт қылыўы ҳәм усындай Қуран пазыйлетлерине тийисли ўәделер усы қирәәтлердиң ҳәммесине тийисли. Бул қирәәтлер Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлери болып есапланады.
Еслетпе: Соны да айрықша атап өтиў керек, усы он қирәәтти ҳәмме де тиләўат қыла алмайды. Буның ушын устаздан ижаза алыў талап етиледи.
Ильяс Сабырбаев,
«Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы
