Жақсылықты киши санамаң!

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға таўсылмас ҳамду-сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.

Салим ибн Жабир Ҳужаймий разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келип:

— Эй, Аллаҳтың Елшиси! Маған нәсият бериң! — деди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:

Аллаҳқа тақўа қыл! Ыдысыңдағы суўды басқаның ыдысына қуйып бериў, бирадарыңа ашық жүз бенен сөйлеў сыяқлы арзымаған болса да жақсылықлардан бирде-бир исти киши санама. Кийимиңди асылтырып жүриўден сақлан. Ол тәкаббырлықтандур, Аллаҳ оны жақсы көрмейди. Егер бир адам сени өзиндеги билетуғыны менен айыпласа, сен оны ондағы билетуғының бенен айыплама. Оны өз ҳалына қой. Гүнасы өзине, әжри саған болады. Ҳеш кимди сөгип ақыретлеме!

Ҳеш бир жақсылықты киши санамаң. Сизди қайсы әмелиңиз жәннетке алып киретуғынын билмейсиз!

Әпиўайы пышық өтип кетиўи ушын жол берип турыўыңыз да жақсылық. Бир ғаррының қолынан услап, жолдан өткерип қойыўыңыз да жақсылық. Майып инсанның майыплық арбашасын жетелеп жүриўиңиз де жақсылық. Көшеде ислеп жүрген жумысшыға бир ыдыста суў бериўиңиз де жақсылық. Бир ғаррының қолынан жүгин алыўыңыз да жақсылық. Ерли-зайыплылардың ортасын жарастырып қойыўыңыз, ҳаялыңыздың айыпларын көрмегенге алыўыңыз жақсылық, перзентлериңизди кешириўиңиз де жақсылық. Қоңсыңызға бир нәрсе саўға етиўиңиз, наўқасқа емлениўи ушын жәрдем бериўиңиз де жақсылық!

Жақсылықтың шеги жоқ. Жаратыўшыға алып баратуғын жолдың саны жаратылғанның деми муғдарындай. Алдында сонша жол болып турып, оннан жүрмегенлер қандай бахытсыз!

Әдеп-икрамлылығыңыз ушын инсанларды өлшем етип алмаң. Маған жақсылық етсе, мен де оған жақсылық етемен демең. Егер жаманлыққа жаманлық пенен жуўап бере берсек, жаманлық қашан тамам болады?!

Дүньяда бир жақсы минез бар. Оның аты «өзин бәлент тутыў» — жаманлықлардан бәлент тутыў. Ҳеш кимге сизди өзиниң қулқы дәрежесине түсириўине жол қоймаң. Ҳәр қандай жәнжелге араласа бермең. Алдыңызда болған ҳәр бир урысқа қатнаса бермең. Күнделикли турмысымыздағы көп жәнжеллер арзымаған мақсетлер ушын болады. Онда жеңсеңиз де, жеңимпаз бола алмайсыз. Бирақ жеңилсеңиз, жеңилис аўырын тартасыз. Өзлигинен ўаз кешкен адам менен теңлесип, биз де әдеп-икрамлылығымыздан ўаз кешсек, оннан не айырмашылығымыз қалады?!

Ақыллы инсан өзи ушын баҳа деп тек жәннетти ғана биледи. Жәннетке алып бармайтуғын ҳәр қандай машқаланы бир шетке қойың. Әне сонда нәтийже қандай болмасын, сиз утасыз. Бенде бирадарын әпиў етсе, Аллаҳ оның абырайы ҳәм қүдиретин арттырады!

Күнлер айлана береди. Ақырында бәрибир ҳақ ийелери жеңимпаз болады, жалған ийелери жеңиледи. Бул нәрсе жердеги Аллаҳ тааланың нызамы. Юсуф алайҳиссаламды қудыққа таслаған қоллар бир күни ол инсаннан аўқат сорап созылған еди!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламды жинли, өтирикши дегенлер Фатҳ күнинде оның рейм қылыўын сорап, «Сен уллы инсанның уллы баласысаң!» деген еди!

Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы бас имамы И.Шерниязов Islom.uz дан қарақалпақшаға аўдарды

About The Author

Жоқарыға