Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға таўсылмас ҳамду-сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Әкеңиздиң кәсип-өнерин ийелеўге, баслап қойған ийгиликли ислериниң даўамшысы болыўға ҳәрекет етиң. Себеби, әкелер өз ислерин перзентлери даўам еттириўин жақсы көреди ҳәм усындай жол тутса, одан қуўанады. Егер басқа тараўды ийелеген болсаңыз, оның жумысы даўам етиўи ҳәм кеўлин қуўантыў ушын да кәсип-өнерин үйренип қойың. Негизинде перзент әкесиниң кәсибин даўам еттирсе, сол тараўда тезирек табысқа ериседи. Бурынлары бундай дәстүрге үлкен итибар қаратылған. Соның ушын пүткил династиялар бир кәсип ямаса өнер менен танылып, оннан «ата кәсибимиз» деп мақтанған.
Әкеңиздиң алдында көшедеги машқалалар, баҳалардың көтерилиўи ҳәм жаман ўақыя-ҳәдийселерди сөйлемең. Оған кейпин бузатуғын, зейнин бәнт ететуғын биймәни мағлыўматларды жеткермең.
Ҳәр бир исиңизди баслаўдан алдын әкеңизден руқсат сорап, дуўасын алың. Имканият болса, биринши жумыс күниңизде жумыс орныңызға алып барың, жаңа дүкән яки қандайда бир хызмет көрсетиў шақапшасын ашсаңыз, әлбетте, искерликти оған хызмет көрсетиўден баслаң. Сонда исиңиз қайырлы-берекетли болады. Егер басламақшы болған исинизге әкеңиз разы болмаса, оған қол урмағаныңыз мақул.
Бир кәрхана яки шөлкемде басшы болсаңыз, ол жерде әкеңизди ҳасла жумысшы, хызметкер ретинде ислетпең. Керисинше, оны өзиңизге басшы деп билип, ўақты-ўақты менен жумыс орныңызға мирәт етип, оннан мәсләҳәт сораң ҳәм сөзлерине дыққат пенен қулақ салың.
Қопал қәтеликке жол қойыў ямаса қандайда бир орынсыз иске қол урыў менен әкеңиздиң абырайын төгип қоймаң. Гейде биреў жаман ис қылса, әтираптағылар оның әкесин қарғайды. Сиз өзиңизди гүналардан, басқалардың ҳуқықын аяқ асты етиўден узақ тутың. Бул менен өзиңиздиң де, әкеңиздиң де атын сақлаған боласыз. Әсиресе, қызлар бул мәселеде оғада абайлы болыўы керек. Себеби, әкениң мақтанышын сындыратуғын ҳәм қәддин бүгетуғын ең жаман ис мәҳрамлар, әсиресе, қызлардың гүнаға қол урыўы болып табылады. Перзентлер бир иске қол урар екен, оның ақыбетин ҳәм ата-анасының абырайын ойлаўы керек.
Егер әкеңиздиң жақынлары қайтыс болса, оған жубаныш, кеўил айтың. Сәўбетлесип, мүсийбетин кетириўге ҳәрекет етиң. Себеби әкелер мүсийбетте де қайғы-ғамын биреўге айтпай ишине жутады. Бул ўақытта перзентлериниң жанында болып, айрықша итибар көрсетиўи кеўлине тәселле береди.
Әкеңиз қартайып қалган болса, басын басып, аяқларын уўқалап шаршаўын кетириўге ҳәрекет етиң. Оның ҳасасы болып, бәрқулла қолынан услап, қасында жетеклеп жүриң.
Уллар әкениң қанаты. Сиз мешитке ҳәм түрли мәресимлерге әкеңиздиң қасында бирге барың. Рухсатысыз алдына өтпең ҳәм дастурханда оннан ҳәм оның досларынан жоқарыда отырмаң.
Islom.uz веб-сайтынан Хожели районы бас имамы И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
