#сыйлықлаў_мәресими
«Пайғамбарымызға менде салаўат айтаман!» жойбары жеңимпазлары мүнәсип түрде сыйлықланды.
Жеңимпазларымыз саўғаларын устазымыз Икрам дамла Шерниязовтиң қолынан алды!

#пазыйлетли_салаўат
«Пайғамбарымызға менде салаўат айтаман!» жойбары марафонының ең белсенди 10-лығы:
1-орын: Ықласбай улы Бахадир – 541 890 салаўат;
2-орын: Сарсенбаева Мавлюда – 445 646 салаўат;
3-орын: Артықбай улы Абдикарим – 416 500 салаўат;
4: Жумамбет улы Оразымбет – 412 000 салаўат;
5: Қалмурза улы Абылла – 281 928 салаўат;
6: Султанбай улы Бахыт – 179 570 салаўат;
7: Бекниязов Баходир – 158 046 салаўат;
8: Зинатдин қызы Раиса – 136 410 салаўат;
9: Таўмурат қызы Дияна – 91 547 салаўат;
10: Миратдин қызы Зайнаб – 83 357 салаўат.
🤲Аллаҳ таала бул инсанлардың өмирине берекет бергей, айтқан салаўатлары қыямет күни Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтине ерисиўине себеп болғай! Бул онлықтан басқаларына да өз миннетдаршылығымызды билдирип қаламыз. Иншааллаҳ кейинги жойбарларымызда белсендилик көрсетип жеңислерге ерисиўлик несип етгей! Бул инсанларға Аллаҳ таала ажр-саўабын зыяда етип бергей!
Жәми айтылған салаўатлар 3 500 000 (үш миллион бес жүз) мыңнан асты! Белсенди онлығымыздың 2 746 894 (еки миллион жети жүз қырық алты мың сегиз жүз тоқсан төрт) салаўат айтты.
Жәми жойбарымызға қатнасқанлар саны: 42.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Хожели районы «Пирим ийшан баба» жаме мешити
