Республикамыздағы атынайылар сәўбеттен ѳткерилди

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы тапсырмасы менен республикамыздағы атынайыларды сәўбеттен ѳткериў белгиленген еди. Усы тапсырмаға бола бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың басшылығында атынайылар қатнасында ушырасыў болып, онда сәўбеттен ѳткериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиник берилди ҳәм атынайыларға әўметлер тиледи.

 

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен тәжирийбели имам-хатиблер ҳәм ал-Беруний медресесиниң тәжирийбели устазларынан комиссия қурамы дүзилип, республикамыздағы атынайылар сәўбеттен ѳткерилди.
Онда атынайының диний ҳәм дүньялық билим дәрежеси, орынлардағы руўхый-ағартыўшылық жумыслары, ғалаба хабар қуралларындағы шығыўлары, илимий-дѳретиўшилик хызметлери кѳрилди. Сондай-ақ сәўбет даўамында Қураны кәриймнен, ҳәдистен, Пайғамбарлар ѳмиринен ҳәм шәръий мәселелерден сораўлар берилди.
Дүзилген комиссия қурамы ағзалары тәрепинен елимизде ҳаял-қызларды ҳүрметлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар. Атап айтқанда, шаңарақлардың социаллық-руўхый орталығын тәмийинлеў, шаңарақтағы ажырымлардың алдын алыў, перзент тәрбиясында ҳаялдың тутқан орны жүзесинен түсиник берилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Баспасөз хызмети

About The Author

Жоқарыға