Ийман!

#мағлыўмат ИСЛАМ ДИНИ ТИЙКАРЛАРЫ Ислам дини – Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам арқалы пүткил инсаниятқа жиберилген дин. Аллаҳ таала айтады: «…Мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим, сизлерге неъматымды толық бердим, сизлерге Исламның дин болыўын разы болдым…» («Маида» сүреси, 3-аят). Ислам дининиң тийкарлары бесеў: 1.Ийман («Ләә иләәҳә иллаллоҳ, Муҳаммадур расулуллаҳ», деп қәлб пенен тастыйықлап,…

Кейинин оқыў

Ҳәр дайым Рәббиңиз бенен бирге болыў ушын төмендеги ислерди қылыўыңыз лазым!

#мағлыўмат #тәрбия Ҳәр дайым Рәббиңиз бенен бирге болыў ушын төмендеги ислерди қылыўыңыз лазым: • Бес ўақыт намазды жәмәәт пенен бирге оқың. • Нәпил намазларды ада қылыўға қатты кирисиң. • Аллаҳты көп еслең. • Көп истиғфар айтың. • Қуран тилаўатын көбейтиң. • Аллаҳ таалаға дуўа қылыўды, сәне айтыўды ҳәм Ол Затқа итаат қылыўды тоқтатпаң. • Пайғамбарымыз…

Кейинин оқыў

Мен ушын Аллаҳтың қәлегени жақсырақ!

#ибрат Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу айтады: «Мен Аллаҳ тааладан бир нәрсени сорайман. Егер сораған нәрсемди берсе, бир мәрте қуўанышлы боламан. Егер сораған нәрсемди бермесе он мәрте қуўанышлы боламан. Себеби, бириншиси мен қәлеген нәрсе. Бирақ, екиншиси Аллаҳ таала қәлеген нәрсе. Мен ушын мен қәлегеннен көре Аллаҳ қәлегени жақсырақ».

Кейинин оқыў

24-сентябрден ЖУМА намазы мешитлердиң ишинде оқылады

#хош_хобар   24-сентябрден жума намазы мешитлердиң ишинде оқылады Республика арнаўлы комиссиясының нәўбеттеги жыйналысында мәмлекетимизде карантин талапларын қысқартыў арқалы халыққа мәдений ҳәм мәнәўий дем алыўларын мазмунлы өткериў ушын қолайлы шарайытлар жаратыў мәселеси кең көлемде додаланды. Атап айтқанда, Республика арнаўлы комиссиясының мәжилисинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитеттиң 2021-жыл 24-сентябрден жума намазы ҳәм басқа намазларды…

Кейинин оқыў

Қуран — шәпәәтши болады!

Әбиў Умама Баҳилий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бундай дегенин еситтим: “Қуран оқыңлар! Себеби ол Қыямет күнинде оқыўшылар ушын шәпәәтши болады”» (Имам Муслим рәўияты). Қуранды азғана болсада яд алыў – неъмат, Аллаҳ тааланың мәрҳәматы.

Кейинин оқыў

САЎДАГЕРЛЕР УШЫН

#ҳәдис Ҳасан (р.а.)дан рәўият қылынады: «Маъҳил (р.а.) бийтап болып жатып қалғанында Абдуллаҳ ибн Зияд (р.а.) оны көриўге барды. Маъҳил оннан сорады: — Ҳәй, Абдуллаҳ, наҳақ қан төкгенимди ҳеш көрдиңбе? Абдуллаҳ деди: — Көрмегенмен. Және сорады: — Саўдада бир мәрте болсада баҳаны көтергенимди, қарыйдарларға зыян жеткергенимди еситтиңбе? Абдуллаҳ: — Буны да еситпегенмен ҳәм көрмегенмен, — деп…

Кейинин оқыў

Ашура күни! Муҳаррам айының пазыйлети

АШУРА КҮНИ ОРАЗАСЫ Ашура күни оразасының саўабы ҳәм пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳәдислер келген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам яҳудийлерге уқсап қалмаў ушын Ашура күнине бир күн қосып ораза тутыўға буйырған. Уламалар Ашурадан алдынғы бир күнди яки кейинги бир күнди қосып тутыў сүннет деген. Ашурада үш күн қатара ораза тутыў ең абзал ораза болады, деп атап…

Кейинин оқыў

АЎЫР АЙРЫЛЫҚ

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усмонхан Темирхан улы Алимов ҳәзиретлери аўыр наўқаслықтан кейин қайтыс болды. Аллаҳ таала Муфтий ҳәзиретимизди Өз мағфиратына алсын, ийманларын саламат етсин, солиҳ әмеллерин өзине жолдас етсин. Ақыретин абат етип, орнын Фирдаўс жәннетлеринен қылсын! Аллаҳ таала Муфтий ҳәзиретлериниң шаңарағына, ағайин-туўысқанларына, жақынларына сабыр берсин. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Хожели районы «Пирим ийшан баба» жаме…

Кейинин оқыў

#пәтиўа #хабар #қурбан_ҳайыты

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Ҳүрметли мѳмин-мусылманлар, әзиз ўатанласлар! Жәҳән ғалаба хабар қураллары тарқатып атырған хабарларға кѳре, бир ярым жылдан берли инсаниятқа сынаў, имтихан болып келген оба — коронавирус пандемиясы үшинши, айырым мәмлекетлерде тѳртинши толқын тәрзинде кѳринбекте. Аллаҳға шүкир, ѳткен жылы ҳүкиметимиз ҳәм Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы әмелге асырған бир қатар илажлар себепли бул кеселликтиң ақыбетлери бир қанша…

Кейинин оқыў

МЕШИТЛЕРДЕ ЖУМА НАМАЗЛАРЫН ОҚЫЎ БОЙЫНША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ БИЙКАР ЕТИЛДИ

МЕШИТЛЕРДЕ ЖУМА НАМАЗЛАРЫН ОҚЫЎ БОЙЫНША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ БИЙКАР ЕТИЛДИ 2021 жыл 13-августтан: 📌мешитлердиң бәрше жумысшы ҳәм хызметкерлери (ден саўлығы бойынша қарсы көрсетпе болған хызметкерлерден тысқары) коронавирусға қарсы вакцинаның (қайсы түринен болса да) кеминде 2 дозасы менен емленгенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болған тәғдирде ғана усы мешитлерде жума намазын оқыўға рухсат бериў; 📌мешитлерге жума намазын оқыў ушын…

Кейинин оқыў
Жоқарыға