МЕШИТЛЕРДЕ ЖУМА НАМАЗЛАРЫН ОҚЫЎ БОЙЫНША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ БИЙКАР ЕТИЛДИ
2021 жыл 13-августтан:
📌мешитлердиң бәрше жумысшы ҳәм хызметкерлери (ден саўлығы бойынша қарсы көрсетпе болған хызметкерлерден тысқары) коронавирусға қарсы вакцинаның (қайсы түринен болса да) кеминде 2 дозасы менен емленгенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болған тәғдирде ғана усы мешитлерде жума намазын оқыўға рухсат бериў;
📌мешитлерге жума намазын оқыў ушын коронавирусға қарсы вакцина менен емленгенлиги ҳаққындағы QR-коды яки сертификаты бар болған намазханларды киритиў (ден саўлығы бойынша қарсы көрсетпе болғанлардан тысқары) ҳаққындағы усыныслар Республика тийисли комиссиясы тәрепинен мақулланды.
Ден саўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети.
