Муҳаррам айының пазыйлети

Усы айда «Ләә иләәҳә илләллооҳ» кәлиймасын көп тәкирарлаў менен нәпил ораза тутыўдың саўабы ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан жүдә көп ҳәдислер келген.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу айтады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан «Бес ўақыт парыз намазынан кейин қайсы намаз абзал?» деп сорады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Түнниң ортасында оқылған намаз (яғный, таҳажжуд)», — деди.
Тағы соралды: «Рамазан оразасынан кейин қайсы ораза абзал?»
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтың айлары ишинде сизлер «Муҳаррам» деп атайтуғын айда тутылған ораза», – деп жуўап берди».

Имам Аҳмад, Муслим, Әбиў Даўыт.

About The Author

Жоқарыға