Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду сәнелер болсын.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Қудайдың өлгени ҳəм Оның қайта тирилмеўлиги ҳаққындағы Фридрих Ницшениң дүньяға жар салғаны кимлергедур оғыры жағып түсти. Бул жаршы ким екени, оның өзлиги, психик қəсте екени ҳəм басқа қылықлары менен ҳеш ким қызықпады. Сол ўақыттағы ағыс сондай еди. Узақ жыллар даўамында өзлерине зулым өткерип келген ширкеўге қарсы ҳəр бир сөз көпшиликке əйне ҳақыйқат болып көринер еди. Қудайдың өлгенине исеним пайда еткенлеринен кейин қудайсызлық идеологиясын енгизиўди баслады. Усы идеология Дин Халверзонның тəбири менен айтқаннан төмендеги көринисти алды:
Қудайды бийкарлаў
Қудайсызлықтың фундаментал (тийкар) қағыйдасы барлық ғайрытәбиий затларды, сондай-ақ, Қудайды да бийкар қылыў болып табылады. Олар ушын тек материаллық нәрселер бар.
Қудайсызлардың пикирине қарағанда, Қудайға исениў инсанның өз пикир-қыяллары ҳəм қəлеўлериниң белгиси. Қудай инсанның өзиниң көринисине бола жаратпаған, керисинше, инсан Қудайды өз көринисине бола жаратып алған (Инжилда «өз сүўрети сыяқлы етип» делинген).
Мөжизаларды бийкарлаў
Қудайдың бар екенлиги ҳаққындағы пикирди бийкар еткеннен кейин мөжизалар — илаҳий араласыў жемиси — жүз бериўи мүмкин емес, деген жуўмақ шығарыў логикаға муўапық болады. Қудайсызлардың пикирине қарағанда, Инжилда баянланған мөжизалар оның авторлары арнаўлы бир диний мақсетлерден келип шыққан ҳалда тоқып шығарған жалалар болып табылады.
Эволюция
Қудайсызлардың айтыўынша, космостың бар екенлиги жəне оның қурамалылығын эволюция теориясы илгери сүрген принциплерден келип шыққан ҳалда толық анықлама бериў мүмкин. Өзлик ҳəм аң (ақыл) да эволюцион процесстиң жемиси болып, оларды химиялық ҳəм биологиялық елементлердиң өз-ара тəсирлесиўи көзқарасынан қанаатланған дəрежеде анықлама бериў мүмкин. Солай етип, ҳеш қандай «машинаның руўҳы» жоқ.
Инсан
Қудайсызлар динге қулқый қадаған етилгенлер комплекси ҳəм реал ҳақыйқатлықтан қашыў усылы деп қарайды. Дин тек саўатсыз адамларды қəўетерден қутқарады. Қудайсызлардың пикирине қарағанда, инсаният турмыс ушын гүресиў ҳəм қыйыншылықларды сапластырыў ушын дин гирдабынан қутылып, мəселелерге тик қараўы ҳəм шешимди өзинен, ақыл ҳəм илимнен излеўи дəркар.
Илим-пән
Қудайсызлар илимий аңлаў усылы ҳақыйқат ҳəм билим тəреп алып баратуғын бирден-бир исенимли жол болып табылады, деп қатаң исенеди. Қудайсызлардың пикирине қарағанда, аң ҳəм ийман, илим ҳəм дин, эмпирик тəжрийбе ҳəм Аллаҳ тəрепинен жиберилген буйрық арасында маўасасыз кек, қарама-қарсылық бар болып, ҳақыйқат ҳəм билим тəреп алып баратуғын бул еки жол бир-бирин бийкар етеди.
Ҳəмме нәрсе ҳаққында
Қудайсызлар инсаннан сыртта қулықтың толық еталоны, улгиси (мысалы, муқаддес Қудай) бар екенин бийкар етеди. Олардың айтыўынша, инсаният қулықға əмел қылыў ушын жеткиликли себепке ийе болыў ушын өзинен сырттағы толық қулық нормаларына мүтəж емес. Инсан әзелден ийгилик, жақсылыққа бейим, бул туўма мийир-ақыбетти əмелге асыриў ушын диний қараў емес, бəлки тəлим, билимлендириў керек.
Өлим
Инсан өлгеннен кейин, пүтин ҳəм саналы формадағы əмелде барлықтан тоқтайды. «Екинши Гуманистик манифест» (1973-ж.) авторларының жазыўына қарағанда, «дене өлгеннен кейин жасаўда даўам етиўиниң ҳеш қандай исенимли дəреги жоқ».
Жуўмақ: Булардың ҳеш бири Қудайдың жоқлығына дәлийл бола алмайды!
«Әлем ҳəм адам, дин ҳəм илим» китабы тийкарында Islam.uz сайтынан И.Шерниязов қарақалпақшаға аўдарды
