Дәўиримиздиң хаўарижлери болған ҳизбут-таҳрир ағзалар тап: “Аллаҳ таала инсан ҳәм жинлерди тек халифалықты тиклеў ушын жаратқан!”, “Аллаҳ таала хилафат қылмағанды кеширмейди. Оннан басқа барлық гүналарды қәлесе, кеширеди”, деп өз ағзаларының мийлерин зәҳәрлеп, пүткил әлемге өтирик айтып келеди. Өзлериниң қәлеген халифалықларын тиклеў жолында барлық жаманлық, гүналардан, шәриятқа қайшы ислеўден, қанхорлықлардан, терроршылықтан да қайтпайды.
ХХ әсирдин 80-жылларына келип, ҳизбут-таҳрир шөлкеми өзлериниң алдына қойған мақсетлерине жете алмай, жыллар даўамында халифалықты тиклеймиз, деген арзыўы әмелге аспағаны ушын шиалар менен бирге ислесиўге өтеди. Ҳизб ағзаларынан бир топары шиалар баслығы әл-Хумайнийдиң алдына барып, оған байъат қылыўды, оны базы бир шәртлерин қабылласа, “Мусылманлар халифасы” деп жәриялаўды ўәде береди. Әл-Хумайнийге халифалықты усыныс етип, хат жоллайды. Бир неше хатларына қанығарлы жуўап ала алмағаны ушын “Ираный бағдарламасының сыны” аты менен қарсы пикир жәриялайды.
Әҳли суннат ўә жамәәттен тысқары екени анық болған, саҳабаларды сөгиўи менен танылған шиалардың баслығын ҳизбут-таҳрир ағзалары өзлериниң халифасы қылып алыўға урынған еди.
Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу жиҳадқа жүзленген ләшкерди гүна ислерди қылыўдан, наҳақ тыныш халықты өлтириўден қатты қайтарған.
Ҳизбут-таҳрирдиң идеялогиясы тек халифалықты қолға киргизиў, жер жүзин өзлериниң мүлки ҳәм мәмлекети етип алыў екен, Аллаҳтың бир ҳүкимин умытады.
Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала: “Жер Аллаҳтики! Оны (Өзи) қәлеген бенделерине мийрас қылып берер. Ақыбет (жақсылықлары) болса тақўадарларға (тийисли)!”, деген (Аъроф сүреси, 128-аят)
Ҳизб болса халифалықты тиклеў жолында Аллаҳтың бул ҳүкиминен де, шәрият ақыйдаларынан да көз жумады.
Ҳәзирги күнде ҳизбут-таҳрирдиң бас штаб ханасы Англияда – Лондонда екенинен де буны билиў мүмкин.
Ҳизбут-таҳрир дерлик барлық араб еллеринде, Саудия Арабстанында, Пакистан, Россия, Қазақстан, Өзбекстан, Тәжикистан экстремистик шөлкем деп, искерлиги қадағаланған. Ҳизбут-таҳрир ушын Германиядан тысқары пүткил Европада бундай шеклеў жоқ. Ҳизбут-таҳрирдиң тийкарғы штабы Лондонда екени, Ато Әбиў Рашта исмли ҳизбтиң «халифасы» Европада (Голландия яки Данияда) қоным тапқанлығы да көп нәрсени аңлатады.
Abdikarimov Jaloliddin
