ҚӘЛПЕКИ САЛАФИЙЛИКТИҢ ҚӘЛПЕКИ ДАЎАЛАРЫ

 

Бүгинги күнде муқәддес ислам атынан ҳәр түрли ағымлардың өзлерин шырайлы атлар менен атап, туўры жолды даўа етип, ғәрезли мақсетлери жолында сол нықаптан пайдаланыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Әне сондай, ағымлардан бири «Қәлпеки  салафийлер» болып табылады. 

Бул ағымға тийисли кимселер исламдағы ҳүким ҳәм пәтўаларды ҳәр бир дәўир жағдайына қарап емес, ҳижрий сәнениң дәслепки үш әсирине муўапық рәўиште өмирге енгизиўши ағым есапланады. Бул ағым араб ҳәм ислам мәмлекетлеринде көбирек тарқалған болып, Орта Азияға да кирип келмекте. Бул ағым тәрепдарлары ислам дининиң ҳәр бир заман ҳәм ҳәр бир мәканға масласа алыўын тән алмайды. Он төрт әсирден бери исламның жетик уламалары, фақиҳ ҳәм мужтаҳидлери қабыл еткен пәтўаларға әмел етиўге қарсы шығады.

Исламда «Салаф» (арабша – «Ата-бабалар», «Илгери жасап өткенлер») дегенде, ҳәдислерге көре, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дәўиринде ҳәмде оннан кейинги еки дәўирде жасаған мусылманлар түсиниледи. Соған көре, ислам уламалары саҳабий, табеин ҳәм табаа табеинлерди «Салафи солиҳ», яғный «Солиҳ ата-бабалар» деп есаплаўда бир тоқтамға келген. Олардан кейинги дәўирлерде жасаған мусылманларға «Салаф» яки «Салафий»лер түсиниклерин қолланыў мүмкин емес. 

Соңғы жылларда «Салафи солиҳлерге ериў» уранын нықап етип алған, мусылман жәмийетлерин дәслепки ислам дәўири ҳалатына қайтарыўды енгизиўши мутаассиб, қәлпеки салафийлер пайда болғанын өз алдына атап өтиў лазым.

Қәлпеки салафийликтиң ақыйдалық, ҳуқықый ҳәм философиялық негизлери суриялы Ибн Таймия (1263-1328-жыллар) искерлиги менен байланыслы. Өмири даўамында өзиниң агрессив қараслары себепли төрт мәрте (1307, 1309,1322 ҳәм 1326 жылларда) қамақ жазасына тартылған ҳәм 1328-жылда қамақханада қайтыс болған бул инсан ҳәрекеттиң теориялық тийкарларын белгилеп бергенин барлық қәнигелер атап өтеди.

​​     Қәлпеки салафийлердиң Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ҳүрметсизлик етиўи Расули Әкрам алайҳиссаламның ата-аналарын кәпирликте айыплаўларында да айқын көринеди. 

Сондай-ақ, қәлпеки салафийлердиң шақырықларына көре, миладий жыл есабын қолланыў, басқа дин ўәкиллериниң байрам, мәдений жыйналысларында қатнасыў ҳәм қутлықлаў, кийген кийимлерин (атап айтқанда, костюм, пальто, галстук тағыў, шалбар ҳәм көйлеклер) кийиў де иймансызлық есапланады. Бул мутаассиблерше қараслар жәмийетте айырыў ҳәм шетлетиў кейпиятын келтирип шығарыўы менен ҳәр түрли келиспеўшиликлердиң пайда болыўына себеп болады, булл нәрсе муқәддес динимизде ен жайдырылған кеңпейиллик түсинигине де қарсы келеди.

Әзизлер, ҳәр бир жылтыраған нәрсе алтын болмағанындай, ҳәр бир динди даўа етиўши туўры пикирде бола бермейди, солай екен ғәрезли нийеттеги ағымлардың «Жылтырақ» дузақларынан абайлы болайық, муқәддес динимиздиң сап итиқадын беккем сақлап, келеси әўладқа сап ҳалда жеткерейик.

Дереклер тийкарында Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Allayarov Ismoil

About The Author

Жоқарыға