Ҳәддинен асқан, өзлеринен басқа мусылманларды адасқанлықта айыплаўшы топарлардан бири мешитте сабақ берип атыр еди.
Сабақ тийкарында:
– Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен таўассул (ўасила) қылыў мүмкин емес, – деди.
Мешиттегилер:
– Не ушын мүмкин емес? – деп сораў берди.
Ол болса:
– Себеби, Аллаҳ таала бар. Аллаҳ бар бола турып, қалай пайғамбарға мүрәжат қылыў мүмкин болар екен, – деп жуўап берди.
Бир киси:
– Көплеген уламалар бул исти жайыз деген ғо, – деди.
Ол болса:
– Ол уламалар таўҳидти билмейди. Динде бидъатлар пайда қылған. Бидъатшылар адасыўда, ал адасыў дозақта болады. Бизлер ерген уламалар ҳақыйқый таўҳид әҳли. Сап дин оларға ериў менен ғана болады. Таўҳид әҳлине тағутқа сыйынатуғынлар тең бола алмайды. Тағы айтаман: пайғамбарды ўасила қылыў улыўма жайыз емес. Аллаҳтан туўры сорай бериў керек, не кереги бар ортаға бендени қойып, – деп айтты.
Усы мутаассиб кимсе таўассул туўрыдан-туўры бендеге мүрәжат етиў емес, бәлки, Аллаҳға пайғамбар арқалы мүрәжат етиў екенлигин билмейди яки билиўди де қәлемейди.
Мешит әҳли ишиндеги жасы уллы бир кимсе сөйледи:
– Ҳәй шайх, мен оқыў ҳәм жазыўды билмейтуғын қарапайым адамман. Сизге сораўым бар.
– Сораўларыңызды бере бериң, жуўап беремен. Меннен әҳли таўҳидлердиң сап жуўапларын еситесизлер.
– Қыямет күнги қорқынышлы ўәзияттан аман болыў ушын маҳшар майданында турған барлық инсанлар кимниң алдына барады?
– Сабақларыма қатнасып атырған ба едиңиз?
– Аўа, қатнасып атырман.
– Онда бул сораўға алдын да саҳиҳ ҳәдис пенен жуўап бергенмен, ҳәзир де сол жуўапты беремен. Қыямет күни инсанлар оғада қорқынышлы ўәзиятта, шарасыз қалады. Барлық инсанлар ҳәм ҳәтте пайғамбарлар да өзи менен өзи әўере болып қалады. Сонда, олар қорқыныштан шығыў ушын Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына барып жәрдем сорайды. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәммениң шәпәәтшиси болады.
– Онда айтың, неге инсанлар Қыямет күни қорқынышлы ҳалатлардан нәжат табыў ушын Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына барып, Әлемлер Сәййиди алайҳиссаламға мүрәжат етеди, Аллаҳ бар ғо?! Неге Аллаҳтан сорамайды?!
Ақыры, Нәбийи алдына барыўды ким буйырған? Бул буйрықты Аллаҳтың Өзи буйырған ғо!
Дереклер тийкарында билим журты оқытыўшысы Allayarov Ismoil
