ЎАҲҲАБИЙЛЕР «ЎАҲҲАБИЙ»ЛИГИН ТӘН АЛҒАН!

     Усы сүўреттеги китап “Әл-Ҳәдийят ас-суннийя ўәт-туҳфат әл-ўаҳҳабийя ан-наждийя” (“Наждли ўаҳҳабийлердиң саўғасы ҳәм суннийше ҳәдиясы”) деп аталған болып, 1342 ҳижрий жылы, яғный миладий 1924-жылы Мысырдың “Әл-Манар” баспаханасында шығарылған. Оны ўаҳҳабийлердиң белгили алымларынан бири Сулайман ибн Саҳман ан-Наждий (1850-1930) баспадан шығарған. Шығарма биринши бетинде оны саудиялылардың биринши патшасы Абдулазиз Әлий Сауд буйрығы менен баспадан шығарылғаны өз алдына атап өтилген.

     Бир пайытлар ўаҳҳабийлер өзлериниң ўаҳҳабийлигинен мақтанар, буны басқаларды жерге урыў ушын да қолланар еди. Ҳақыйқат сол, яғный бул атты оларға басқалар емес, бәлки өзлери өзлерине қойып алған еди. Сол китапты баспадан шығарған Сулайман ибн Саҳман ан-Наждийдиң Шамлы Әҳли сунна алымларына қарсы пикир сыпатында жазған “Ас-Саўаиқ әл-мурсала әл-ўаҳҳабия” (“Ўаҳҳабийлердиң жиберген шақмақлары”) деген китабы да болған.

     Ўаҳҳабийлердиң жаманлығы ҳәм бузық ағым екенлиги, сырттан қарағанда олар тәўҳид идеясын илгери сүрсе де, лекин өзлери оның жолынан аўғанлығы ҳәмде ислам фиқҳин ҳәм сап ақыйдасын бузып атырғанлығы пүткил дүньяға әшкар болып қалғаннан кейин атын өзгертип, “Салафий” болып алды. Салафийлиги де қәлпеки болғанынан бузғыншылықта ўаҳҳабийлерден де асып түсти. Сурия ҳәм Ямандағы урыс-жәнжеллерге олар себепши екени ҳәзирде сыр емес. Ал, енди өзлерин ўаҳҳабий деп атаўдан қорқып ҳәм уялып, сондай дегенлерге қарсы туратуғын болды.

     Егер ўаҳҳабийлер ҳақ болса, неге ўаҳҳабийлигинен арланады, уялады ҳәм қорқады?! Салафийлигин де тән алмастан Ҳанафий тонын кийип мунафиқлик қылып атырғанлары қанша?! Яки олар түпкиликли итиқадларын жасырыўларын шиалардың қәўипли ҳалатларда өз итиқады ҳәм мәзҳабын жасырыўды ўәжиб саналатуғын ең тийкарғы итиқадларынан болған “Тақия” идеясынан алынған, деп түсинемиз бе?! Яки бул ҳалатты шиаликтиң де, ўаҳҳабийлик ҳәм салафийлик ҳәм басқа топарлардың да ойлап табыўшылардың түбири бир, деп түсинемиз бе? Және фитна қозғамаң, деп айтады, өзлериниң жалғаншылығы ҳәм фитнашылығын жасырыўына не дейсиз?! Үлкенлери өзлерин ўаҳҳабиймиз деп турғанда, неге ҳәзирги кишкенелери “Неге бизлерди ўаҳҳабий дейсең?”, – деп айтады?!

Мәселен, бизлер Ҳанафий, Матуридий ҳәм Нақшбандий екенлигимизди әшкара айта аламыз ҳәм буннан мақтанамыз!

Билим журты оқытыўшысы Аllayarov Ismoil

About The Author

Жоқарыға